Get Mystery Box with random crypto!

Мәҳәллелердеги балалардың Самарқандқа саяхаты шөлкемлестирилди | karakalpakstan.travel

Мәҳәллелердеги балалардың Самарқандқа саяхаты шөлкемлестирилди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм институттың кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен пайтахтымыз Нөкис қаласындағы "Әмиўдәря", "Көк өзек" ҳәм "Қумбыз аўыл" мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында жасайтуғын "Темир дәптер", "Ҳаяллар дәптери"не кирген, сондай-ақ, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың балалары ушын Самарқанд қаласына саяхат шөлкемлестирилди.

Саяхат шеңберинде 50 ден аслам балалар "Жер жүзиниң жамалы" деп тәрийп берилген тарийхый қаладағы архитектуралық естеликлер, атап айтқанда, Регистан майданы, Гөри Әмир, Бийбиханым, сондай-ақ, θзбекстанның биринши Президенти Ислам Кәримовтың мавзолейлерин зыяратлады ҳәм музейлер, дем алыў орынларында болып, мәдений дем алды.

Дерек: NDPI.UZ

t.me/karakalpakstantravel

Karakalpakstan.travel|Telegram|Facebook|Instagram|YouTube|