Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 26-июль | karakalpakstan.travel
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 26-июль куни “Туризм тараўындағы субъектлер ушын жаратылған шараятларды жәнеде жақсылаў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниӊ айрым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында”ғы 407-санлы қарары қабыл етилди. Жаӊа қарарға муўапық буннан былай, Өзбекстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги тәрепинен “Шаӊарақлық мийман үйлери, хостеллер, отаў ҳәм шатырлы лагерлер бирден-бир реестри” мәлимлеме базасы жүритиледи. Усы күнге шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2018-жыл 7-августдағы “Шаӊарақлық мийман үйлери искерлигин шөлкемлестириў ҳаққында”ғы 631-санлы қарарына муўапық, тек ғана “Шаӊарақлық мийман үйлери бирден-бир реестри” жүритилген.
Нызамшылықтағы бул өзгерислерден келип шығып, отаў ҳәм шатырлы лагерлерди шөлкемлестириўди қәлеўши исбилерменлер буннан былай Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигине мүрәжәт етсе болады.