2022-12-31 09:41:57
ҲҮРМЕТЛИ КӘСИПЛЕСЛЕР!
Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы жәмәәти бәршеңизди өзгеше қуўаныш ҳәм үмит бағышлап, үлкен дөретиўшилик ислерге руўхландырып атырған Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлайды.
Өзиниң умытылмас мәўритлери менен ажыралып туратуғын 2022-жылға нәзер таслар екенбиз, «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы"нда турмысымыздың барлық тараўларында, әсиресе, билимлендириў тараўында да өзгерислерге, жаңаланыўларға бай жыл болды, деўге толық тийкарлар бар.
Солай екен, басланажақ 2023-жыл да елимиз тарийхында, әсиресе, билимлендириӯ тараӯындағы пидайы хызметкерлер ушын көплеген жетискенликлер ҳәм жаңаланыӯларға толы жыл болсын!
Бәршеӊизди кирип киятырған Жаӊа жыл байрамыңыз бенен және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, бәршеңизге саў-саламатлық, бахыт-ығбал, жуўапкершиликли ҳәм мәртебели жумысларыңызда табыслар, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймиз.
745 views06:41