Get Mystery Box with random crypto!

Комиссия ағзалары Жоқарғи Кеңес пенен биргеликте Бас прокурату | Zaman.uz|Rásmiy kanal️ ️

Комиссия ағзалары Жоқарғи Кеңес пенен биргеликте Бас прокуратурадан айрым пуқаралардың қамақ бас шарасын жеңиллеўине алмастырыўды сорады

Алдын хабар бергенимиздей, Қарақалпақстанда болып өткен ўақыяларды ғәрезсиз түрде үйренип атырған Комиссия тәрепинен ислеген қылмысларынан пушайман болған, қараўында жас өспирим перзентлери бар, соның менен бирге хожалық ҳәм социаллық жағдайы төмен сондай-ақ, шаңарақта жалғыз бағыўшы болған пуқаралар дизими қәлиплестирилген еди.

Ҳәр бири менен өз алдына өткерилген сәўбет даўамында олар жағдайды жақсы аңламаған ҳалда жалған мағлыўматлар тәсирине түсип қалғанын ҳәм ислеген қылмысына шын кеўилден пушайман екенлигин билдирип өтти. Әсиресе, ҳаяллар перзентлерин жүдә сағынғанын ҳәм болып өткен ўақыялардан дурыс жуўмақ шығарғанын мәлим еткен еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Комиссия ағзалары тәрепинен қәлиплестирилген дизимдеги шахсларға жергиликли район кеңеслери депутатларын жәмийетшилик кепиллиги тийкарында бириктириў усынысын қоллап -қуўатлады.

Жоқарыдағылардан келип шығып, Комиссия ҳәм Жоқарғы Кеңес тәрепинен ислеген қылмысларынан пушайман болған, қараўында жас өспирим перзентлери бар, соның менен бирге хожалық ҳәм социаллық жағдайы төмен сондай-ақ, шаңарақта жалғыз бағыўшы болған пуқараларға инсаныйлық принципи тийкарында қамақ бас шарасын жәмийетшилик қадағалаўы ҳәм үй қамағы формасындағы бас шараға алмастырылыўын сорап Бас прокуратураға усыныс киргизилди.

Ескертип өтемиз, Комиссия тийисли Нызамға муўапық, Қарақалпақстанда жүз берген ўақыяларды үйрениўде ғәрезсиз ҳәм мәмлекет кеңселери тәрепинен оның искерлигине араласыўына жол қоймаған ҳалда халық ҳәм жәмийетшилик пикирин үйрениўге зәрүр деп билген ҳәр қандай жағдай ҳәм мағлыўматларды алыў ҳуқықына ийе. Комиссия ағзалары Жоқарғи Кеңес пенен биргеликте Бас прокуратурадан айрым пуқаралардың қамақ бас шарасын жеңиллеўине алмастырыўды сорады

Алдын хабар бергенимиздей, Қарақалпақстанда болып өткен ўақыяларды ғәрезсиз түрде үйренип атырған Комиссия тәрепинен ислеген қылмысларынан пушайман болған, қараўында жас өспирим перзентлери бар, соның менен бирге хожалық ҳәм социаллық жағдайы төмен сондай-ақ, шаңарақта жалғыз бағыўшы болған пуқаралар дизими қәлиплестирилген еди.

Ҳәр бири менен өз алдына өткерилген сәўбет даўамында олар жағдайды жақсы аңламаған ҳалда жалған мағлыўматлар тәсирине түсип қалғанын ҳәм ислеген қылмысына шын кеўилден пушайман екенлигин билдирип өтти. Әсиресе, ҳаяллар перзентлерин жүдә сағынғанын ҳәм болып өткен ўақыялардан дурыс жуўмақ шығарғанын мәлим еткен еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Комиссия ағзалары тәрепинен қәлиплестирилген дизимдеги шахсларға жергиликли район кеңеслери депутатларын жәмийетшилик кепиллиги тийкарында бириктириў усынысын қоллап -қуўатлады.

Жоқарыдағылардан келип шығып, Комиссия ҳәм Жоқарғы Кеңес тәрепинен ислеген қылмысларынан пушайман болған, қараўында жас өспирим перзентлери бар, соның менен бирге хожалық ҳәм социаллық жағдайы төмен сондай-ақ, шаңарақта жалғыз бағыўшы болған пуқараларға инсаныйлық принципи тийкарында қамақ бас шарасын жәмийетшилик қадағалаўы ҳәм үй қамағы формасындағы бас шараға алмастырылыўын сорап Бас прокуратураға усыныс киргизилди.

Ескертип өтемиз, Комиссия тийисли Нызамға муўапық, Қарақалпақстанда жүз берген ўақыяларды үйрениўде ғәрезсиз ҳәм мәмлекет кеңселери тәрепинен оның искерлигине араласыўына жол қоймаған ҳалда халық ҳәм жәмийетшилик пикирин үйрениўге зәрүр деп билген ҳәр қандай жағдай ҳәм мағлыўматларды алыў ҳуқықына ийе.

Дерек: @commissionuz

@zamanuz