Get Mystery Box with random crypto!

Zaman.uz|Rásmiy kanal️ ️

Telegram kanalining logotibi zamanuz — Zaman.uz|Rásmiy kanal️ ️ Z
Telegram kanalining logotibi zamanuz — Zaman.uz|Rásmiy kanal️ ️
Kanal manzili: @zamanuz
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 862
Kanalning ta’rifi

zaman.uz сайтының рәсмий каналы

Ratings & Reviews

2.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

2

2 stars

0

1 stars

1


Oxirgi xabar

2022-09-01 13:09:10Ҳүрметли ўатанласлар!

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллығы мүнәсибети менен халықтың дем алысын мазмунлы шѳлкемлестириў ҳәм кеўил-кейпиятын кѳтериў мақсетинде 1-4-сентябрь күнлери аралығында мәмлекетлик театрларымызда бийпул қойылатыуғын спектакльлерге мирәт етемиз.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында:

1-3-сентябрь күнлери  саат 17:00де "Ынжықтың мухаббаты" спектакли;

2-4-сентябрь күнлери саат 17:00де "Перзент тәшўиши" спектакли.

Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында:

2-сентябрь күни саат 11:00де
"Қорқыт ата" спектакли;

3-сентябрь күни саат 11:00де
"Қопал қошқар" спектакли;

4-сентябрь күни саат 11:00де
"Тоғайдағы байрам" спектакли;

Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театрында:

2-сентябрь күни саат 11:00де
"Ертеклер - жақсылыққа жетеклер" спектакли;

3-сентябрь күни саат 11:00де "Жақсылық қайтсын" спектакли;

4-сентябрь күни саат 11:00де
"Алтын шөже" спектакли халқымыздың нәзерине бийпул усынылады.
328 views10:09
Ochish/sharhlash
2022-08-31 18:01:50
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кеңесгөйи, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри, генерал-лейтенант Т.А.Худайбергенов тәрепинен "Маҳалла ифтихори" көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
259 views15:01
Ochish/sharhlash
2022-08-31 15:29:14 «Алланияз Өтениязов бағы»нда өзбасымшалық пенен қурылыс жумыслары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен жеке қадағалаўға алынған

Социаллық тармақларда Өзбекстан Қахарманы Алланияз Өтениязов тәрепинен Нөкис қаласы аймағында жаратылған бағда өзбасымшалық пенен қурылыс жумыслары алып барылып атырғанлығы ҳаққында жәрияланған мүрәжат бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси төмендегилерди мәлим етеди.

Өзбекстан Қахарманы Алланияз Өтениязов тәрепинен жаратылған бағда өзбасымшалық пенен алып барылып атырған қурылыс жумыслары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен жеке қадағалаўға алынып, бул бойынша жуўапкерлерге тийисли тәртипте үйренип шығыў бойынша қатаң тапсырма берилди.

Соныда айрықша атап өтиў орынлы бул бағды саўалландырыў жумысларын шөлкемлестириў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының қадағалаўында.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

@zamanuz
335 views12:29
Ochish/sharhlash
2022-08-31 15:20:23 Халық арасында ертең, яғный 1-сентябрь күни транспорт қуралларының ҳәрекети тоқтатылыўы ҳаққында хабарлар тарқалмақта.

Бул хабарлар жалған болып, 1-сентябрь күни республикамызда байрам мүнәсибети менен ҳәм санитариялық тазалық күни деп белгиленгенлиги себепли, қала ҳәм районларымыздағы бәрше базарлар жабық болады, ал автотранспорт қуралларының ҳәрекети тоқтамайды.

Жоқарыдағы тийкарсыз хабарлар жалған. Бундай фейк хабарларға исенбең.

@zamanuz
382 views12:20
Ochish/sharhlash
2022-08-31 06:51:37 Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықлаў ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиуминиң қарары

Толық мағлыўмат


@zamanuz
384 views03:51
Ochish/sharhlash
2022-08-30 09:25:12
Төлем-контракт тийкарында оқыў ушын тәлим кредитлерин ажыратыў тәртиби

https://zaman.uz/3935-z.html

@zamanuz
394 views06:25
Ochish/sharhlash
2022-08-30 07:07:24 Комиссия ағзалары Жоқарғи Кеңес пенен биргеликте Бас прокуратурадан айрым пуқаралардың қамақ бас шарасын жеңиллеўине алмастырыўды сорады

Алдын хабар бергенимиздей, Қарақалпақстанда болып өткен ўақыяларды ғәрезсиз түрде үйренип атырған Комиссия тәрепинен ислеген қылмысларынан пушайман болған, қараўында жас өспирим перзентлери бар, соның менен бирге хожалық ҳәм социаллық жағдайы төмен сондай-ақ, шаңарақта жалғыз бағыўшы болған пуқаралар дизими қәлиплестирилген еди.

Ҳәр бири менен өз алдына өткерилген сәўбет даўамында олар жағдайды жақсы аңламаған ҳалда жалған мағлыўматлар тәсирине түсип қалғанын ҳәм ислеген қылмысына шын кеўилден пушайман екенлигин билдирип өтти. Әсиресе, ҳаяллар перзентлерин жүдә сағынғанын ҳәм болып өткен ўақыялардан дурыс жуўмақ шығарғанын мәлим еткен еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Комиссия ағзалары тәрепинен қәлиплестирилген дизимдеги шахсларға жергиликли район кеңеслери депутатларын жәмийетшилик кепиллиги тийкарында бириктириў усынысын қоллап -қуўатлады.

Жоқарыдағылардан келип шығып, Комиссия ҳәм Жоқарғы Кеңес тәрепинен ислеген қылмысларынан пушайман болған, қараўында жас өспирим перзентлери бар, соның менен бирге хожалық ҳәм социаллық жағдайы төмен сондай-ақ, шаңарақта жалғыз бағыўшы болған пуқараларға инсаныйлық принципи тийкарында қамақ бас шарасын жәмийетшилик қадағалаўы ҳәм үй қамағы формасындағы бас шараға алмастырылыўын сорап Бас прокуратураға усыныс киргизилди.

Ескертип өтемиз, Комиссия тийисли Нызамға муўапық, Қарақалпақстанда жүз берген ўақыяларды үйрениўде ғәрезсиз ҳәм мәмлекет кеңселери тәрепинен оның искерлигине араласыўына жол қоймаған ҳалда халық ҳәм жәмийетшилик пикирин үйрениўге зәрүр деп билген ҳәр қандай жағдай ҳәм мағлыўматларды алыў ҳуқықына ийе. Комиссия ағзалары Жоқарғи Кеңес пенен биргеликте Бас прокуратурадан айрым пуқаралардың қамақ бас шарасын жеңиллеўине алмастырыўды сорады

Алдын хабар бергенимиздей, Қарақалпақстанда болып өткен ўақыяларды ғәрезсиз түрде үйренип атырған Комиссия тәрепинен ислеген қылмысларынан пушайман болған, қараўында жас өспирим перзентлери бар, соның менен бирге хожалық ҳәм социаллық жағдайы төмен сондай-ақ, шаңарақта жалғыз бағыўшы болған пуқаралар дизими қәлиплестирилген еди.

Ҳәр бири менен өз алдына өткерилген сәўбет даўамында олар жағдайды жақсы аңламаған ҳалда жалған мағлыўматлар тәсирине түсип қалғанын ҳәм ислеген қылмысына шын кеўилден пушайман екенлигин билдирип өтти. Әсиресе, ҳаяллар перзентлерин жүдә сағынғанын ҳәм болып өткен ўақыялардан дурыс жуўмақ шығарғанын мәлим еткен еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Комиссия ағзалары тәрепинен қәлиплестирилген дизимдеги шахсларға жергиликли район кеңеслери депутатларын жәмийетшилик кепиллиги тийкарында бириктириў усынысын қоллап -қуўатлады.

Жоқарыдағылардан келип шығып, Комиссия ҳәм Жоқарғы Кеңес тәрепинен ислеген қылмысларынан пушайман болған, қараўында жас өспирим перзентлери бар, соның менен бирге хожалық ҳәм социаллық жағдайы төмен сондай-ақ, шаңарақта жалғыз бағыўшы болған пуқараларға инсаныйлық принципи тийкарында қамақ бас шарасын жәмийетшилик қадағалаўы ҳәм үй қамағы формасындағы бас шараға алмастырылыўын сорап Бас прокуратураға усыныс киргизилди.

Ескертип өтемиз, Комиссия тийисли Нызамға муўапық, Қарақалпақстанда жүз берген ўақыяларды үйрениўде ғәрезсиз ҳәм мәмлекет кеңселери тәрепинен оның искерлигине араласыўына жол қоймаған ҳалда халық ҳәм жәмийетшилик пикирин үйрениўге зәрүр деп билген ҳәр қандай жағдай ҳәм мағлыўматларды алыў ҳуқықына ийе.

Дерек: @commissionuz

@zamanuz
365 views04:07
Ochish/sharhlash
2022-08-30 06:15:19
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жазыўынша, Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллығы мүнәсибети менен жәнеде бир топар ўатанласларымызды сыйлықлаў күтилмекте.

@zamanuz
327 viewsedited  03:15
Ochish/sharhlash
2022-08-30 06:12:54 Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллығы мүнәсибети менен

Мәмлекетлик хызметкерлер, өндирис ҳәм социаллық-экономикалық тараўлар хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында

Толық дизим https://zaman.uz/3931-z.html

Әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында

Толық дизим https://zaman.uz/3932-z.html

Пән, тәлим, денсаўлықты сақлаў, спорт, әдебият, мәденият, көркем өнер тараўлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң бир топарын сыйлықлаў ҳаққында

Толық дизим https://zaman.uz/3933-z.html

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Дерек: @joqargikenes

@zamanuz
344 views03:12
Ochish/sharhlash
2022-08-29 18:09:57
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Аппаратының мәлимлеме хызмети – баспасөз хаткери тайынланды

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
254 views15:09
Ochish/sharhlash