Get Mystery Box with random crypto!

Күн темасы: Мийнет етсең еринбей, | "УСТАЗ ЖОЛЫ" газетасы каналы

Күн темасы:
Мийнет етсең еринбей,
Тояды қарның тиленбей
Ата- бабамыздан айтылмай қалған сөз жоқ десекте болады.Шынында да мийнет - бахыт келтиреди.Мениң ата-анам сондай мийнеткеш адамлар еди.Бир күнде үйде отырғанын көрмедим.Әкемниң бир айтып берген уақыясы еле ядымнан кетпейди.Жаслау 40 лар шамасында оған бир жууапкерли жумыс тапсырған.Жоқары лауазымда ислейтуғын бир рус миллетли хаял болыпты.Ол бәрхә машинада жүретуғын еди.Бир күни ол хаял Алламуратов сизге мына жерлерге (жолға )шебинди төгип тегислеп жайыуыңызды тапсыраман 10 күн мәулет деп кетипти.Мениң ағам сол жумысты күни-түни ислеп 3 күнде болыпты да , болғанлығын айтыпты.Ол хаял мүмкин емес деп исенбей келип көрсе айтылған жерлерге шебин төселип айтқанындай етип исленгенин көрип, бизиң ағамды мақтап хошаметлепти.Сол айтқаны мениң хеш ядымнан кетпейди.Ал, анам болса мешиттей мектеп бар ма? Халық билимлендириу бөлими хәм телерадио комитетиниң полларын жууып хүрмет тахталарында сүурети илинип турды.Мениң ата-анамның соныңдай хадал мийнеттиң арқасында тапқан пуллары жақсы күнлерине буйырды. Бизлер 7 перзент 2 ул 5 қыз едик.Хәммемиз үйли жайлы болып, түскен жерлеримизде суудай сиңип, тастай батып хожалық болдық.Болмаса үйдиң ерке қызлары болып едик.Хәмме қыйыншылықты мийнет арқасында жеңдик.Енем мени балларынан кем көрмеди.Ол уақытлары қар көп жауатуғын еди, қарды артып, кранымыз қатып қалса газге тас қойып еритип суу тасып түнде болсада хәмме ыдысларды толтырып жатаман.Себеби азанда тағы кранымыз қатып қалады.Бир үйде 16 адам жасар едик.Таң азаннан кешке шекем бир тынбай жумыс ислер едим.Азанда ерте бөлмемнен шығып , түнги 12 лерде жайыма киретуғын едим. Бирақ сол уақытлары хеш ауырмай, мийнет еткен сайын қан айланысым жақсы болып денсаулығым күшли еди.Хәзир көп қабатлы жайлардың биринде жасаймыз.Кран иште ыссы суу, муздай суу тайын. Жумыс аңсатласқан сайын жатқымыз келип , диңкемиз қурып баратыр.
Бирақ дала жумысын соныңдай жақсы көремен.Мектепте пахтадан қалып көрмедим.Мүғәллимлер орнына адам жалласа мен өзим барып келер едим.Себеби ауылдың таза хауасынан тойып-тойып дем алар едим.Шайырлардың көбиси ауылда өскеннен кейин жақсы дөретпелер дөретеди екенғо, таза хауа , қандай жақсы маллардың мөңирегени, қоразлардың шақырғаны тандырларда жабылған нанның ийиси, бәри-бәри адамға басқаша бир ләззет бағышлап қосық айтқың келип кетеди екен.
"Мийнет түби- рәхәт ".
"Жаслығымда бер мийнет, қартайғанда бер рәхәт" деп халқымыз бийкарға айтпаған екен.

Алламуратова Гүлпаршын.
Нөкис қаласы 9-санлы мектептиң қарақалпақ тили хәм әдебияты пәни мүғәллими.