Get Mystery Box with random crypto!

Бүгинги күн темасы мийнеттен бахыт табыў ҳаққында дурыс таңлан | "УСТАЗ ЖОЛЫ" газетасы каналы

Бүгинги күн темасы мийнеттен бахыт табыў ҳаққында дурыс таңланған.
Ҳақыйқатында да ,,Бахыттың гилти-мийнет" ,,Мийнеттен қашқаннан- бахыт қашады"
Ҳәр қандай жетискенликтиң тийкарында мийнет жатады. Сонлықтан жасларымызды мийнет сүйгишликке тәрбиялаў, мийнети арқасында бахыт жолын тапқан инсанларды үлги етип көрсетиў биз устазлардың әдиўли ўазыйпасы.
Жасларды мийнетке тәрбиялаўшы, оны улығлаўшы шығармалар көркем әдебиятымызда көплеп табылады. Мәселен,
Қарақалпақ әдебиятының байтереги Т. Қайыпбергеновтың ,,Қарақалпақнама" роман-эссесинде жаслардың мийнет сүйгишлиги ҳаққында әжайып әпсана келтириледи. Әпсанада айтылыўынша:
Бир киси еки перзенти менен тоғайда шетиндеги аўылда жасайды екен. Ол киси бир күни ,,Пәлен деген жерден алтын шығып атыр" деген хабарды еситип, еки перзентин таслап, сол мол алтыннан алып қайтыўға кетеди. Бирақ талабы келиспей көп ўақыт сол жақларда жүрип қалады. Сол арада перзенти үйиниң қасындағы тоғайдан отын шаўып, оны базарға апарып сатып күн кеширеди. Тамағынан аўысқан ақшасына ешек сатып алады. Енди ешек пенен отын апарады. Бәҳәр келиўи менен отыннан босаған жерлерди тегислеп, оған бийдай егеди. Гүзде бийдайы мол өним береди.
Әкеси анда-мында сарсылып, арадан үш жыл өткерип, ақыры үйине қайтады. Перзентлерине қуры қол барыўдың есабын таппай, биреўден қарыз алып ,базарға кирсе баласының қапта бийдай сатып турғанын көреди. Әкеси таң қалып баласына:
-Бийдайды қаяқтан урлап алдың? -деп сорайды. Сонда перзенти ислеген мийнетлерин, бул бийдай мийнетиниң жемиси екенлигин айтады. Сонда әкеси: ,,Ўақ, босқа өткен ўақтым-ай! Далада алтын излеп әўере сарсаң болғанша үйимниң қасында жатырған алтынды көрмеппен ғой! Алтын үйимниң қасында жатыр екен ғой!" деп өкинипти. Сол күннен басоап әкеси перзентлери менен бирге мийнет етип, соның арқасында бахытқа ерисипти.