Get Mystery Box with random crypto!

TODAY'S TALK NKS 📰

Telegram kanalining logotibi todaystalknks — TODAY'S TALK NKS 📰 T
Telegram kanalining logotibi todaystalknks — TODAY'S TALK NKS 📰
Kanal manzili: @todaystalknks
Toifalar: Telegram
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 9
Kanalning ta’rifi

📍Qaraqalpaqstanda hám Dúnya júzinde bolıp atırǵan jańalıqlar boyınsha xalıqqa isenimli maǵlıwmat beremiz.

Ratings & Reviews

3.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


Oxirgi xabar 2

2022-12-31 10:42:54
Пенсияны есаплаўда инабатқа алынатуғын орташа ис ҳақы муғдары асырылады

2023-жыл 1-январьдан баслап пенсияларды есаплаў ушын қабылланатуғын орташа айлық ис ҳақының ең жоқары шегарасы пенсияны есаплаў базалық муғдарының 10 есесинен 12 есесине шекем асырылыўы белгиленген.

Бунда, пенсия тайынлаўда есапқа алынатуғын орташа айлық ис хақы муғдары 3 млн. 240 мың сумнан жоқары болған пенсионерлердиң пенсиясы қайтадан есап-китап етиледи.

Бюджеттен тысқары Пенсия қоры тәрепинен орташа айлық ис ҳақы муғдары 3 млн. 240 мың сумнан жоқары болған бәрше пенсионерлердиң пенсиялары қайта есап-китап етилип, пенсиясы көбейетуғын пуқараларға ҳәзирги ўақытта СМС хабарлар жиберилмекте.

Каналға ағза болыў: @todaystalknks
15 views07:42
Ochish/sharhlash
2022-12-30 13:56:29
ШТОРМ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

2023-жылдың 2-4-январь аралығында Өзбекстан аймағына Кавказ аймақларынан ығал ҳаўа ағымы кирип келиўи күтилмекте.

2-3-январьда мәмлекетимиз бойынша айырым орынларда самал тезлиги 17-22 м/сқа шекем күшейиўи мүмкин.

Сондай-ақ, 3-4-январь сәнесинде мәмлекет бойынша жаўын-шашын (жаўын, қар) бақланып, таўлы аймақларда күшли болады.

Каналға ағза болыў: @todaystalknks
14 views10:56
Ochish/sharhlash
2022-12-29 22:43:03
Бразилиялы футбол әпсанасы Пеле 82 жасында қайтыс болды

Ол узақ ўақыт даўамында рак кеселлигине қарсы гүрести.

Каналға ағза болыў: @todaystalknks
17 views19:43
Ochish/sharhlash
2022-12-29 21:00:53
Жоқарғы Кеңес Баслығы социаллық үй турғынларын байрам мүнәсибети менен қутлықлады

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бүгин Нөкис қаласы «Қосбулақ» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан кем тәмийинленген ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж пуқаралар ушын қурылған социаллық көп квартиралы турақ жайда болып, турғынлар менен ушырасты.

Оларды кирип киятырған Жаңа жыл байрамы менен қутлықлап, балаларға байрам кейпиятын бөлисиў мақсетинде саўғалар тапсырылды.

Республика басшысының жеке өзи аралап, байрам мүнәсибети менен қутлықлаўы көпшиликтиң кеўлине жыллылық, байрамға тән кейпият бөлисип, айрықша миннетдаршылық сезимлерин оятпақта.

Каналға ағза болыў: @todaystalknks
15 views18:00
Ochish/sharhlash
2022-12-29 16:48:32
«Арал» футбол командасына жаңа микроавтобус тапсырылды

Бүгин 29-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев “Арал” командасы футболшылары менен ушырасты.

Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы футбол командасы ағзалары ҳәм тренерлерин "Арал" командасының «Про Лига»да ойнаў имканиятын жеңип алғанлығы ҳәм кирип киятырған "Жаңа жыл" байрамы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Онда бүгинги күнде елимизде спорт тараўын раўажландырыўға, жасларды озық ойлы, физикалық жақтан шыныққан етип тәрбиялаўға қаратылып атырған итибар, жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында сөз етилип, командадан еле де жоқары нәтийжелер күтилетуғынлығы атап өтилди.

Буннан соң футбол командасына жаңа микроавтобус тапсырылды.

Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @todaystalknks
13 views13:48
Ochish/sharhlash
2022-12-29 16:47:16
2023-жыл 1-январьдан баслап жаңа сабақлықлар тәжирийбе тәризинде оқытылады

Шавкат Мирзиёевдиң педагоглар менен ушырасыўы даўамында 1-январьдан баслап республиканың 14 аймағындағы мектеплерге тәжирийбе тәризинде жаңа әўлад сабақлықлары оқытылыўы мәлим етилди. Айтылыўына қарағанда, кейинги басқышда 5-11-класслар ушын да сабақлықлар ислеп шығылады.

Каналға ағза болыў: @todaystalknks
12 views13:47
Ochish/sharhlash