Get Mystery Box with random crypto!

TODAY'S TALK NKS 📰

Telegram kanalining logotibi todaystalknks — TODAY'S TALK NKS 📰 T
Telegram kanalining logotibi todaystalknks — TODAY'S TALK NKS 📰
Kanal manzili: @todaystalknks
Toifalar: Telegram
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 9
Kanalning ta’rifi

📍Qaraqalpaqstanda hám Dúnya júzinde bolıp atırǵan jańalıqlar boyınsha xalıqqa isenimli maǵlıwmat beremiz.

Ratings & Reviews

3.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


Oxirgi xabar

2023-01-05 17:47:35
Рәсмий хабар: қысқы дем алыс мүддети созылды

Өзбекстанға аномал суўық ҳаўа ағымы кирип келиўине байланыслы барлық билимлендириў мәкемелеринде қысқы дем алыс мүддети 17-январға шекем созылды.

Оқыў шынығыўлары 2023-жыл 18-январь, сәршемби күнинен басланады.

Дерек: ЎзА

Каналға ағза болыў: @todaystalknks
10 views14:47
Ochish/sharhlash
2023-01-05 08:40:27
1-январдан баслар «бақшалар»да төлемлер муғдары азайтылады

Айырым районларда 50 процентке шекем мәмлекетлик мектепке шекемги тәлим мәкемелеринде төлемлер муғдары азайтылады.

Районлардың тайпасынан келип шығып төмендегише азайтыўшы коэффициентлер қолланылады:

5-категориядағы районларда — 50 процент;
4-категориядағы районларда — 50 процент;
3-категориядағы районларда — 30 процент.

Каналға ағза болыў: @todaystalknks
12 views05:40
Ochish/sharhlash
2023-01-04 16:27:50
Фейк хабар

Социаллық тармақларда “Хош хабар! Бүгиннен баслап барлыг ГАЗ заправкалар 24 саат жумыс режимине өтти” деген жазмундағы хабарлар тарқалды.

Бул хабар ҳақыйқатқа туўры келмейди ҳәм жалған (фейк).

Каналға ағза болыў: @todaystalknks
13 viewsedited  13:27
Ochish/sharhlash
2023-01-03 16:09:51
Социаллық тармақларда тарқалған тағы бир «фейк» хабар бойынша рәсмий мағлыўмат берилди

«Uzpharmagency» шөлкеминиң айтыўына қарағанда, соңғы ўақытлары социаллық тармақларда P/500 жазыўы бар болған парацетамол дәрилеринде «Мачупо» атлы қәўипли вирус бар екени, ол дүньядағы ең қәўипли вируслардың бири екенлиги ҳаққында хабарлар тарқалмақта. «Uzpharmagency» шөлкеми бул хабарлар ҳақыйқатқа туўры келмейтуғынын мәлим етти.

Каналға ағза болыў: @todaystalknks
18 views13:09
Ochish/sharhlash
2023-01-03 12:47:09
Өзбекстанда ең көп өлимге алып келип атырған кеселлик мәлим етилди

Мәмлекет статистика комитети мағлыўматларына бола, 2022-жылдың 1-октябрь жағдайына Өзбекстанда белгиленген өлим жағдайының 56,8 %ти қан айланыў системасы кеселликлерине туўры келген.

Бул көрсеткиш қалған кеселликлер кесиминде төмендегише көринис алды:

• Қан айланыў системасы кеселликлери - 74 109
• Дем алыў ағзаларының кеселликлери - 12 805;
• Өсимтелерден - 10 535;
• Бахытсыз ҳәдийсе, зәҳәрлениў ҳәм жарақатлардан - 7 260;
• Ас сиңириў ағзалары кеселликлери - 5 264;
• Жуқпалы ҳәм паразит кеселликлери - 1 976;
• Басқа кеселликлерден - 18 417.
Дерек:Karakalpak24

Каналға ағза болыў: @todaystalknks
16 viewsedited  09:47
Ochish/sharhlash
2023-01-03 09:15:50
Баслаўыш класс сабақлықлары аўырлығы 300 граммнан асырылмаўы ҳаққында қарар қабылланды

Баслаўыш класс сабақлықлары аўырлығы 300 граммнан асырылмайды. Бул ҳаққында ҳүкимет қарары менен тастыйқланған (726-сан, 28.12.2022 ж.) регламентте нәзерде тутылған.

Регламентке бола ендигиден былай баслым аўырлығы сабақлықлар ушын:

1-4 класлар ушын 300 грамнан;
5-6 класлар ушын 400 грамнан;
7-9 класлар ушын 500 грамнан;
10-11 класлар ушын 600 грамнан аспаўы керек.
Дерек:Karakalpak24

Каналға ағза болыў: @todaystalknks
15 views06:15
Ochish/sharhlash
2023-01-02 15:55:14
Бүгин 4 планета бир ўақытта көринеди

Бүгин, 2-январь күни түнде аспанда бирнеше планеталардың бирге көринис бериўи күтилмекте.

Қуяш батқаннан кейин Венера, Сатурн, Юпитер ҳәм Марс планеталары бир ўақыттың өзинде көринеди.

Горизонтқа ең жақын планета Венера болыўы күтилмекте.

Каналға ағза болыў: @todaystalknks
16 views12:55
Ochish/sharhlash
2023-01-02 15:24:49
1-январдан баслар «бақшалар»да төлемлер муғдары азайтылады

Айырым районларда 50 процентке шекем мәмлекетлик мектепке шекемги тәлим мәкемелеринде төлемлер муғдары азайтылады.

Районлардың тайпасынан келип шығып төмендегише азайтыўшы коэффициентлер қолланылады:

5-категориядағы районларда — 50 процент;
4-категориядағы районларда — 50 процент;
3-категориядағы районларда — 30 процент.

Каналға ағза болыў: @todaystalknks
14 viewsedited  12:24
Ochish/sharhlash
2023-01-01 16:10:22
1-январдан баслап «Chevrolet Lacetti» ушын шәртнама бериў басланыўы ҳаққындағы хабарларға түсиник берди

Бүгин социаллық тармақларда
1-январдан баслап «Chevrolet Lacetti» автомобили ушын шәртнама бериў басланыўы бойынша хабарлар тарқалды.

«UzAuto Motors» компаниясы бул хабарлар ҳақыйқатқа туўры келмейтуғынлығы ҳәмде бул хабар фейк екенин мәлим етти.
Дерек:Karakalpak24

Каналға ағза болыў: @todaystalknks
15 viewsedited  13:10
Ochish/sharhlash
2023-01-01 13:37:14
"Аль-Насср"дың инстаграм бетине ағза болғанлар саны 5,5 млнға жетти

Мағлыўмат ушын, Роналду трансфери жәрияланбастан алдын 832 мың ағзасы бар еди.

Каналға ағза болыў: @todaystalknks
15 viewsedited  10:37
Ochish/sharhlash