Get Mystery Box with random crypto!

“Шаңарақ” орайы

Telegram kanalining logotibi shanaraq_orayi — “Шаңарақ” орайы Ш
Telegram kanalining logotibi shanaraq_orayi — “Шаңарақ” орайы
Kanal manzili: @shanaraq_orayi
Toifalar: Bolalar parvarishi
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 1.28K
Kanalning ta’rifi

“Шаңарақ” орайының мақсети - ҳәр бир шаңарақтын беккем, бахытлы болыўына салмақлы үлес қосыў💞
Бул жолда биз жәрдемге ҳәмийше таярмыз🤝
Мәнзил:Нѳкис қаласы, А́.Шамуратов кѳшеси 117Б жай
Байланыс ушын:📞 (91) 393-13-14

Ratings & Reviews

3.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 2

2022-10-27 09:36:20
6-сораўға_жуўап

Ҳүрметли каналымыз ағзасы, машқалаңыз терең ислесиўди талап етеди деп ойлайман. Көпшилик ажрасқан шаңарақлардың себеплери үйренилгенде «келисе алмадық» деген сөзлердиң төр-төринде интим мүнәсибетлер келип шығады, басқада көп себеплер бар.
Сизге ең мақулы тереңге тамыр атқан бул машқаланың шешимин табыў ушын келип сәўбетлесиң, иләжи болса өмирлик жолдасыңызғада айтып көриң, егер екеўиңизде келип ислессеңиз нәтийжеге барыў мүмкин деп ойлайман.

@shanaraq_orayi
682 views06:36
Ochish/sharhlash
2022-10-27 09:36:20
592 views06:36
Ochish/sharhlash
2022-10-27 09:35:23
5-сораўға_жуўап

Ҳүрметли каналымыз ағзасы, Сиз бенен жеке сөйлеспей турып, негизги жағдайды билмей турып, өмирлик жолдасыңыз бенен сәўбетлеспей турып мәсләҳәт бериў мүшкүл ис. Себеби, ажырасыўға алып келген себеплерди билиў керек, жараны байлап қойған таўарды (винтти) өзгерте бергенниң пайдасы жоқ, жараны өзин тазаламағанша, мәлҳам қоймағанша…

Сол ушын жеке консультацияға келиўиңизди усынамыз.

@shanaraq_orayi
614 views06:35
Ochish/sharhlash
2022-10-27 08:27:28


Ҳаялдыӊ ѳзге ҳаяллардан парқы сүйип қалыӯ ушын себеп болса, оныӊ басқа ҳаяллар менен улыӯмалық тәреплери мухаббат сезимлериниӊ тез ѳтип кетиӯи ушын себеп болады.

Сол ушын әзиз ҳаяллар, таӯсылмайтын китап болыӊ. Ѳмирлик жолдасыӊыз Сизди толығы менен оқып үйренип болдым деп ойлаған күни китабыӊызда жаӊа, қызықлы бѳлим баслансын. Есиӊизде сақлан әзиз ҳаяллар, еркеклер бирдейликтен зеригеди, сол ушында барқулла жаӊалап турғанды мақул кѳреди, айтатуғын болсақ телефонын, автомашинасын ҳәтте ….

@shanaraq_orayi
450 views05:27
Ochish/sharhlash
2022-10-26 12:47:34
#4-сораўға_жуўап

Ҳүрметли каналымыз ағзасы, сораўыңыз көбирек дин ўәкиллерине бергениңиз мақулырақ болар еди деп ойладым, себиби динимиз, қәдириятымыздан келип шықсақ ер адам тапқан табысы қанша екенлигин ҳаялына айтыўы шәрт емес, тапқанына қарап тәмийинлеўи кереклиги айтылған.
Ең әўеле исеним болыўы керек, араңызда исеним болса, өмирлик жолдасыңыздың қанша тапқаны емес, сизди қәншели тәмийнлеп қоя алғанына итибарды қаратқан болар едиңиз...

Сораўға Сиз күткендей жуўап болмаған болса алдын ала кеширим сораймыз , себеби сораўдың артында қандай себеплер барлығы көпшилик жағдай жеке сөйлескен ўақытта ғана келип шығады.

Кеңирек мәсләҳәт алыўды қәлесеңиз жеке консультацияға жазылыўыңыз мүмкин.

@shanaraq_orayi
746 views09:47
Ochish/sharhlash
2022-10-26 12:44:12
#3-сораўға_жуўап

Ҳүрметли каналымыз ағзасы, Сизде бул (1) сорау́дың пайда болыўына себеп батыс психологиясы ҳәм шығыс психологиясы тәрепинен алынған мағлыуматлар деп ойлайман. Сизге «қалб» орайында ким болыу́ды аныклаўдан алдын, билген мағлыўматларыңызды бир қатар коррекция қылыўыңызды мәсләҳәт беремиз.

(2) Жеке рау́ажланыў менен шахсый рау́ажланыў бир нәрсе, бирақ руўхый рау́ажланыў басқа нәрсе, яғный басқа бағдар. Сизге, Шайх Мухаммад Содик Мухаммад Юсуф Рахимахуллаҳтын "Руухый тарбия" китабын окыу́ды усыныс етемиз.

Кеңирек мағлыўмат алыўды қәлесеңиз жеке консультацияға жазылыўыңыз мүмкин

@shanaraq_orayi
694 views09:44
Ochish/sharhlash
2022-10-26 08:14:19


Танықлы скрипкашы Менуҳин, күткениненде жүдә жақсы өткен концерт бағдарламасынан шығып баратырғанда, бир жас жигит тоқтатып:
- “Мен скрипканы сиздей жақсы шала алыўым ушын өмиримди берген болар едим” - деди
Менуҳин болса:
- Арамыздағы парықта сол, мен өмиримде әлле қашан бергенмен деп жуўап берди.


Сиз, өмириңизди қайсы мақсетиңизге пидә еткенсиз.... ҳәм бүгин неге еристиңиз...

@shanaraq_orayi
717 viewsedited  05:14
Ochish/sharhlash
2022-10-25 15:13:20
#2-сораўға_жуўап

Илимге қызығыў жақсы әмел. Бирақ, илим бир стакан суў емес, соны ишсеңиз илимли, зор психолог болып кетесиз деп айтыўға. Бийкар айтылмаған, бесиктен қәбирге шекем илм излең деп, яғный өз үстиңизде ислеўден, излениўден оқыўдан тоқтамайсыз. Және ең баслысы, устаз тутыў, соң нийетти дурыс қылыў, яғный психолог болыўдан мақсетиңизди дурыс қойыў керек болады.

Кеңирек мағлыўмат ҳәм сораўларыңызға жуўап алыўды қәлесеңиз жеке консультацияға келиўиңиз мүкин.

@shanaraq_orayi
774 views12:13
Ochish/sharhlash
2022-10-25 14:02:35


Ҳаял турмысқа шыққаннан соң еркин, ер менменлигин таслаўы керек.

Балзак

@shanaraq_orayi
752 views11:02
Ochish/sharhlash
2022-10-25 09:59:39
#1-сораўға_жуўап

Ҳүрметли каналымыз ағзасы, әўеле соны айтып өткенди мақул көрдик, сораўға кеңирек мағлыўмат киритип өтпегениңиз ушын жуўаптыда толығырақ бере алмаймыз.

Өмирлик жолдасыңыз бенен сөйлесип алың, келмеўине қандай себеплери бар сораң. Соған қарап ис тутың.
Және бир мәсләҳәт, өзиңизге бир нәзир салың, сыртқы ҳәм ишки дүньяңызға. Ҳақыйқатында да шын кеўилден өмирлик жолдасыңыздың қайтыўын қәлейсиз бе яки қайтса, баўырымызда, перзентлерине бас болса еди, бирақ, бирақ келсе жумысты не қылады, қалай күн көремиз деп, бирақларды иш-ишиңизге дизип қойыпсыз ба?

Кеңирек ислесиўди қәлесеңиз консультацияға жазылыўыңыз мүмкин

@shanaraq_orayi
779 views06:59
Ochish/sharhlash