Get Mystery Box with random crypto!

“Шаңарақ” орайы

Telegram kanalining logotibi shanaraq_orayi — “Шаңарақ” орайы Ш
Telegram kanalining logotibi shanaraq_orayi — “Шаңарақ” орайы
Kanal manzili: @shanaraq_orayi
Toifalar: Bolalar parvarishi
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 1.28K
Kanalning ta’rifi

“Шаңарақ” орайының мақсети - ҳәр бир шаңарақтын беккем, бахытлы болыўына салмақлы үлес қосыў💞
Бул жолда биз жәрдемге ҳәмийше таярмыз🤝
Мәнзил:Нѳкис қаласы, А́.Шамуратов кѳшеси 117Б жай
Байланыс ушын:📞 (91) 393-13-14

Ratings & Reviews

3.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar

2022-10-31 09:41:18


Қыз күнинде бәри жақсы, жаман қатын қайдан шығады...МА?

психолог М.Утепбергенов

@shanaraq_orayi
445 views06:41
Ochish/sharhlash
2022-10-31 09:40:57
Қыз күнинде бәри жақсы, жаман қатын қайдан шығады?
Турмыста бул мақал бийкарға келип шықпаған шығар. Қызлар турмысқа шықпастан алдын ҳеш нәрсеге жуўапкер болмайды, тәшўиши жоқ, жигити менен ушырасқанда назланады, романтика. Ол турмысқа шығып келин болғанда, өзин пленге түскен адамдай сезинеди. Қәйин ата, қәйин ене, абысын, бийкеш, қәйин апа сыяқлы адамлардың қоршаўында қалады. Жәмийет пикири менен жасайтуғын күйеўи оны қорғаўды билмейди. Келинде жасаў ушын гүрес инстинкти иске түсип, ол өзин әтираптағылардан қорғап баслайды. Енесинен, қәйин апасынан қорғаныў жолын излейди, абысыны, бийкеши менен бәсекиге кириседи. Мине усылайынша онда еки қарыс тил пайда болады, қақбаслықты үйренеди. Сол себепли оның ҳаяллық сыпатлары, муҳаббаты, ерли-зайып мүнәсибети бир шетте қалып, басына орамал таққан "мәстан кемпирге" айланады. Жоқарыдағы адамларға ишинен "еле көресиз, пул таўып, шаңарағымды басқарып, өйтип-бүйтип, сизлердиң үстиңизден шығаман" -деп, нәпсиниң күшин иске салады.
279 views06:40
Ochish/sharhlash
2022-10-31 09:40:31

Ассаламу алийкум ҳүрметли каналымыз ағзалары. «Нукус психолог» каналына қойылған бир пост бизиң дыққатымызды тартты ҳәм бул пост бойынша өз пикирлеримизди айтып өткенди мақул көрдик..

@shanaraq_orayi
431 views06:40
Ochish/sharhlash
2022-10-31 07:29:02


Ақыллы ҳаял ѳзин ѳзгертиӯге ҳәрекет қылады, күйеӯин емес.

Конфуций

@shanaraq_orayi
497 views04:29
Ochish/sharhlash
2022-10-29 10:32:39
#сѳз

Сен ахмақ адам емессен!

Жоқардығы сѳздиӊ мәнисин бир үтир ѳзгерте алады… Буны, биз айтпасақта Ѳзиӊиз жақсы билесиз.

Биз текғана, аӯыз қуӯыслығымыздан шығып атырған сѳзлерге итибарлы болайык демекшимиз.

Бийкарға «АЙТЫЛҒАН СѲЗ – АТЫЛҒАН ОҚ» делинбеген, атылған оқ болса мәнзилсиз қалмайды

@shanaraq_oray
626 views07:32
Ochish/sharhlash
2022-10-28 16:00:37 #даўамы

#Психолог_маған_жәрдемиңиз_керек...

Шыпакерге аўырған жериңизден шағым етип барасыз, бир талай дәри-дармақ жазып береди..

Енди айтың, сол Сизге буйырылған дәрилерди қабыл етпесеңиз шыпа табасыз ба?!

Жоқ, әлбетте..

Бизиң тараўда да сол… Машқалаңызды айтып, төгиў менен ис питпейди. Дурыс сол ўақыт жеңил тартасыз, соған мәс болып берилген тапсырмаларды орынламай кетесиз, соң бираздан және машқала, және психолог излейсиз…

Себеби, дәри-дармақты қабыл етпедиңиз, сол ушын бул сапары өтлестирип келесиз..

Соныда айтып өтиўди мақул көрдик

Әзиз каналымыз ағзалары, биз каналға қойып атырған постларды текғана оқып кетпей әмелде өз өмириңизде қоллаң…

Өзгеремен, өмиримди өзгертемен, әтирпымдағы мүнәсибетлерди өзгертемен деген инсанға жетерли дәрежеде мағлыўматлар бар каналымызда, жәнеде байытамыз қуда қәлесе…

Биз, Сиз ушын ҳәрекеттемиз

@shanaraq_orayi
667 views13:00
Ochish/sharhlash
2022-10-28 14:55:16 #Психолог_маған_жәрдемиңиз_керек...

Бизге көпшилик солай жазады

Тыңлаймыз ҳәм енди, бизден қандай жәрдем керек деп сорасақ, дурыслы жуўап ала алмаймыз...тап өзлериде не қәлеп атырғанлығын билмейтуғындай...

Бул ҳалатлардың бәрин жыйнап бир сөз айтпақшымыз

Көшиликтиң қәлеўи, излегени "ҚӘТЕРЖАМЛЫҚ"

Аўа, cол "қәтержамлық"

Байлық, мәртебе, толық шаңарақтың бар болыўы, ҳәтте нормадағы бахыттың бар болыўы да инсанға "ҚӘТЕРЖАМЛЫҚ" беретуғын сезимди бере алмайды.

Бахытлы инсан емес, қәтержам инсан үстем бул өмирде...

Себеби, бахытлыман деген инсан бахытының устини деп ойлаганы оннан узақласса, бахытсызлыққа қарап жүз бурады.

Ал, қәтержам инсан ол ҳәтте мүшкил келгенде де өзин жойтып қоймайды.

Сол ушын, бахытлы инсан болыўдың емес, қәтержам инсан болыўдың ҳәрекетин қылыўымыз керек

Өзимизди тыңлап турыуымыз керек

ҳүжданымызға есап тапсырып турыўымыз керек

өтмишти қойып жибериўди, ертенди қайғырмаўды, бүгин менен жасаўды үйрениўимиз керек

@shanaraq_orayi
641 viewsedited  11:55
Ochish/sharhlash
2022-10-28 07:39:06


Ҳаяллар, еркеклер тәрепинен болатуғын ҳәмме нәрсеге сабыр қылады, бирақ қәлбин сыныўы яки сезимлерин ойыншық қылыўына шыдай алмайды.

@shanaraq_orayi
681 views04:39
Ochish/sharhlash
2022-10-27 12:07:49
Ашық болыўдан … ҳақыйқый мухаббат шекем

Сүйиклиңизге жибериўди умытпаң

@shanaraq_orayi
774 views09:07
Ochish/sharhlash
2022-10-27 11:17:03 Ⱪулплар көп ҳәм бәршесиниң өз гилти бар.

Сол сыяқлы, биреўге айтылған мәсләҳәт басқаға ис бермейди, көпшилик жағдайларда сондай...
Машқалаға қарап бундай қыл, ондай қыл деген менен негизги жағдайды еки тәрептенде еситпегенше орталық шешим табыў, таза бет ашыўға алып келиў қыйын бола береди. Сол ушын көпшилик сораўларға жеке саўбетке келин деп айтып атырмыз.

Консультация бәршеге қолайлы баҳада.

Бизиң тийкарғы мақсетимиз, бул кәсиптиң арқасында бизнес жүргизиў, материаллық пайда табыў емес, Аллаҳ тааланың разылығы жолында басқаларға жәрдем етиў есапланады.

Сол ушын, келип сәўбетлескениңиз нәтийжеге жақын қәдем бола береди..

@shanaraq_orayi
704 views08:17
Ochish/sharhlash