Get Mystery Box with random crypto!

Қыз күнинде бәри жақсы, жаман қатын қайдан шығады? Турмыста б | “Шаңарақ” орайы

Қыз күнинде бәри жақсы, жаман қатын қайдан шығады?
Турмыста бул мақал бийкарға келип шықпаған шығар. Қызлар турмысқа шықпастан алдын ҳеш нәрсеге жуўапкер болмайды, тәшўиши жоқ, жигити менен ушырасқанда назланады, романтика. Ол турмысқа шығып келин болғанда, өзин пленге түскен адамдай сезинеди. Қәйин ата, қәйин ене, абысын, бийкеш, қәйин апа сыяқлы адамлардың қоршаўында қалады. Жәмийет пикири менен жасайтуғын күйеўи оны қорғаўды билмейди. Келинде жасаў ушын гүрес инстинкти иске түсип, ол өзин әтираптағылардан қорғап баслайды. Енесинен, қәйин апасынан қорғаныў жолын излейди, абысыны, бийкеши менен бәсекиге кириседи. Мине усылайынша онда еки қарыс тил пайда болады, қақбаслықты үйренеди. Сол себепли оның ҳаяллық сыпатлары, муҳаббаты, ерли-зайып мүнәсибети бир шетте қалып, басына орамал таққан "мәстан кемпирге" айланады. Жоқарыдағы адамларға ишинен "еле көресиз, пул таўып, шаңарағымды басқарып, өйтип-бүйтип, сизлердиң үстиңизден шығаман" -деп, нәпсиниң күшин иске салады.