Get Mystery Box with random crypto!

#Психолог_маған_жәрдемиңиз_керек... Бизге көпшилик солай жаза | “Шаңарақ” орайы

#Психолог_маған_жәрдемиңиз_керек...

Бизге көпшилик солай жазады

Тыңлаймыз ҳәм енди, бизден қандай жәрдем керек деп сорасақ, дурыслы жуўап ала алмаймыз...тап өзлериде не қәлеп атырғанлығын билмейтуғындай...

Бул ҳалатлардың бәрин жыйнап бир сөз айтпақшымыз

Көшиликтиң қәлеўи, излегени "ҚӘТЕРЖАМЛЫҚ"

Аўа, cол "қәтержамлық"

Байлық, мәртебе, толық шаңарақтың бар болыўы, ҳәтте нормадағы бахыттың бар болыўы да инсанға "ҚӘТЕРЖАМЛЫҚ" беретуғын сезимди бере алмайды.

Бахытлы инсан емес, қәтержам инсан үстем бул өмирде...

Себеби, бахытлыман деген инсан бахытының устини деп ойлаганы оннан узақласса, бахытсызлыққа қарап жүз бурады.

Ал, қәтержам инсан ол ҳәтте мүшкил келгенде де өзин жойтып қоймайды.

Сол ушын, бахытлы инсан болыўдың емес, қәтержам инсан болыўдың ҳәрекетин қылыўымыз керек

Өзимизди тыңлап турыуымыз керек

ҳүжданымызға есап тапсырып турыўымыз керек

өтмишти қойып жибериўди, ертенди қайғырмаўды, бүгин менен жасаўды үйрениўимиз керек

@shanaraq_orayi