Get Mystery Box with random crypto!

Денемизди кеселликлерден ескертетуғын 10 жағдай 1. Жарылған е | Саламатлық ушын | Блог

Денемизди кеселликлерден ескертетуғын 10 жағдай

1. Жарылған еринлер. Еринлер кеўип, жарылса, сондай-ақ шашлар да түсип басласа, бул В2 витамининиң жетиспеўшилиги ҳаққында дәрек болыўы мүмкин. Мәйек, писте, соя, алмурт, капуста, помидордан көбирек қабыл етсеңиз, кеткизилген витамин орнын тез тиклейсиз.

2. Тилдиң ақ болыўы. Негизи адам аш қалғанда, аязлағанда тилдиң бети ақшыл түске киреди. Бирақ ақшыл тилдиң шети қызарып қалыўы гастрит белгилеринен бир есапланады. Бундай жағдайларда, әлбетте, шыпакер қабыллаўынан өтиў тийис.

3. Тилдеги аш күлреңлик. Тил бетиндеги бундай жағдай асқазан-ишек искерлиги бузылғанының белгиси. Соның менен биргеликте, тери қурғаўы, еринлердиң исип кетиўи бақланса, организмиңиздиң темир элементине болған мүтәжлиги күшейген болыўы мүмкин. Зәрүр илажлар: азлаў кофе ишиң, шай болса суйық демленген болсын, сондай-ақ, көбирек петрушка, баўыр, алма ҳәм цитрус мийўелерден жең.

4. Аўыз қуўыслығының кебиўи. Денениң руўхый зорығыў ҳәм тәшўишлерге болған нормал реакция. Егер қурғақлық узақ даўам етсе, сизге В3 витамини жетиспей атырған болады. Бул витамин таўық гөши, ғозалар ҳәм мал гөшинде көп. Базы ҳалларда аўыз қуўыслығындағы қурғақлық қантлы диабеттиң басланып атырғанынан дәрек бериўи мүмкин. Сол себепли машқалаға итибарсыз болмаң.

5. Аўыздан жағымсыз ийис келиўи. Егер бул жағдай тислер тазалығына ҳәм басқа факторларға байланыслы болмаса, дәрриў қандағы қант муғдарын анықлаң, бөтеке ҳәм баўырдың жағдайын тексериў ушын анализлер тапсырың. Созылмалы бронхит пенен кеселленген наўқасларда да аўыздан ийис келиў жағдайлары болады.

6. Териниң қыршылыўы, қабық таслаўы. Организмге А ҳәм В2 витаминлери жетиспей атырғанынан дәрек. Дурыс ҳәм өз ўақтында аўқатланыў бул жағымсыз жағдайды сапластырады. Егер тери қыршылыўы қышыў менен биргеликте болса, грибоклы кеселликлердиң белгиси есапланады. Тез де шыпакерге хабарласың.

7. Лимфа түйинлериниң үлкейиўи. Әдетте, бундай жағдай аязлағанда бақланады. Шыпакерге барыўды кешиктирмең.

8. Киши дәрет реңиниң өзгериўи. Ол тоқ түске кирген болса, онда бир күнлик нормадан аз муғдарда суў ишип атырсыз. Бирақ тоқ реңли киши дәрет бөлиниўи температура менен бақланса,, сизди, қыстаўлы уролог шыпакерге көриниң.

9. Мурыннан тез-тез қан ағыўы. Турақлы қан басымын өлшеп барың, егер қан басымыңыз жоқары болса, себеби гипертония, емлениң. Егер қан басымы нормада болса, демек сизге К витамини жетиспей атыр. Аўқатыңызға капустаны көбейтин. Ҳәр итималға қарсы, шыпакер менен ойласың.

10. Көп терлеў. Қалқан тәризли безди тексертиң. Егер түнде жүдә қатты терлеп атырған болсаңыз, нервларыңыз қатты шаршаған. Шыпакер мәсләҳәти менен тынышландыратуғын дәрилерден ишиң. Денеңиздеги өзгерислерге итибарлы болың. Кеселликти емлегеннен көре, оның алдын алған мақул.

Өз ден саўлығыңызға бийпарық болмаң!