Get Mystery Box with random crypto!

Саламатлық ушын | Блог

Telegram kanalining logotibi salamatliqn1 — Саламатлық ушын | Блог С
Telegram kanalining logotibi salamatliqn1 — Саламатлық ушын | Блог
Kanal manzili: @salamatliqn1
Toifalar: Sogʻlom
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 345
Kanalning ta’rifi

Өз ден саўлығыңызға бийпарық болмаң.
Медицинаға байланыслы материаллар ҳәм тестлер таслап барылады.
Канал группасы: @test_salamatliq_ushin
Мүрәжәәт жоллаў: @Ikmetovy
"Врач еки жерин таза тутыўы керек, бири қолы, бири болса ҳүжданы".
"Гиппократ"

Ratings & Reviews

3.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


Oxirgi xabar

2023-01-08 19:09:25 Шыпакерлер тәсири жоқ ҳәм емлеў қәсийетине ийе емес дәрилердиң дизимин интернетке жайластырды!

Бул дәрилерди сатып алып ден саўлығыңызға зиян жеткизбең!

НАЙТФОРС
:
ДССШ тәрепинен қара дизимге киритилген дәри. Бул дәрини де қабыл етпеслигиңизди усыныс етемиз!

АНАСЕП:
Тәсир еффектти төмен болған дәри. Аллергик реакцияны келтирип шығарады ҳәм инсан өмири ушын қәўип туўдырады.

АМБРОНОЛ:
Жөтелде тынышландырыўшы дәри ретинде қолланылады. Бырақ, пайдасы кем. Тыйкарғы зияны анафилактик шокка түсиреди. Бул өлим менен жуўмақланыўы мүмкин.

БРЕВЕФЛОРА:
Асқазан-ишек кеселликлерине алып келиўи мүмкин.

ЛЕВОРЕКС:
Асқазан ҳәм ас сиңириў  органларын истен шығарыўы ҳәм бас мий искерлигин бузыўы мүмкин.

НОВО-ПАССИТ:
Көбинше жөтел преператлары қурамына киреди, бырақ ҳеш қандай тәризде Ново Пасситқа тийисли седатив тәсирди тәмийнлей алмайды.

ЦИНЕПАР:
Қурамындағы затлар жарамсыз ҳәм унамлы тәсир көрсетиўге ийе емеслиги анықланған. Аритмияға себеп болыўы ҳәм қан басымның түсип кетиўине алып келиўи мүмкин.

ТРАВАМАКС:
Қурамындағы затлар жарамсыз ҳәм унамлы тәсир көрсетиўге ийе емеслиги анықланған.

НОЛ ГРИПП:
Қурамындағы затлар жарамсыз ҳәм унамлы тәсир көрсетиўге ийе емеслиги анықланған.

ДОК 1 МАКС:
Қурамындағы затлар бүйрек искерлигин бузады ҳәм бүйреклерди истен шығарады. Тийкарынан усы дәри себепли журтымызда 30 ға жақын балалар өлип кетти.

Және 10 нан артық дәрилер ДССШ тәрепинен қара дизимге киритилди. Толығырақ мағлыўматты каналымызда жарытып барамыз!

ДССШ (Ден саўлықты сақлаў шөлкеми).

Өз ден саўлығыңызға бийпарық болмаң!
325 views16:09
Ochish/sharhlash
2023-01-07 09:47:55 Денемизди кеселликлерден ескертетуғын 10 жағдай

1. Жарылған еринлер. Еринлер кеўип, жарылса, сондай-ақ шашлар да түсип басласа, бул В2 витамининиң жетиспеўшилиги ҳаққында дәрек болыўы мүмкин. Мәйек, писте, соя, алмурт, капуста, помидордан көбирек қабыл етсеңиз, кеткизилген витамин орнын тез тиклейсиз.

2. Тилдиң ақ болыўы. Негизи адам аш қалғанда, аязлағанда тилдиң бети ақшыл түске киреди. Бирақ ақшыл тилдиң шети қызарып қалыўы гастрит белгилеринен бир есапланады. Бундай жағдайларда, әлбетте, шыпакер қабыллаўынан өтиў тийис.

3. Тилдеги аш күлреңлик. Тил бетиндеги бундай жағдай асқазан-ишек искерлиги бузылғанының белгиси. Соның менен биргеликте, тери қурғаўы, еринлердиң исип кетиўи бақланса, организмиңиздиң темир элементине болған мүтәжлиги күшейген болыўы мүмкин. Зәрүр илажлар: азлаў кофе ишиң, шай болса суйық демленген болсын, сондай-ақ, көбирек петрушка, баўыр, алма ҳәм цитрус мийўелерден жең.

4. Аўыз қуўыслығының кебиўи. Денениң руўхый зорығыў ҳәм тәшўишлерге болған нормал реакция. Егер қурғақлық узақ даўам етсе, сизге В3 витамини жетиспей атырған болады. Бул витамин таўық гөши, ғозалар ҳәм мал гөшинде көп. Базы ҳалларда аўыз қуўыслығындағы қурғақлық қантлы диабеттиң басланып атырғанынан дәрек бериўи мүмкин. Сол себепли машқалаға итибарсыз болмаң.

5. Аўыздан жағымсыз ийис келиўи. Егер бул жағдай тислер тазалығына ҳәм басқа факторларға байланыслы болмаса, дәрриў қандағы қант муғдарын анықлаң, бөтеке ҳәм баўырдың жағдайын тексериў ушын анализлер тапсырың. Созылмалы бронхит пенен кеселленген наўқасларда да аўыздан ийис келиў жағдайлары болады.

6. Териниң қыршылыўы, қабық таслаўы. Организмге А ҳәм В2 витаминлери жетиспей атырғанынан дәрек. Дурыс ҳәм өз ўақтында аўқатланыў бул жағымсыз жағдайды сапластырады. Егер тери қыршылыўы қышыў менен биргеликте болса, грибоклы кеселликлердиң белгиси есапланады. Тез де шыпакерге хабарласың.

7. Лимфа түйинлериниң үлкейиўи. Әдетте, бундай жағдай аязлағанда бақланады. Шыпакерге барыўды кешиктирмең.

8. Киши дәрет реңиниң өзгериўи. Ол тоқ түске кирген болса, онда бир күнлик нормадан аз муғдарда суў ишип атырсыз. Бирақ тоқ реңли киши дәрет бөлиниўи температура менен бақланса,, сизди, қыстаўлы уролог шыпакерге көриниң.

9. Мурыннан тез-тез қан ағыўы. Турақлы қан басымын өлшеп барың, егер қан басымыңыз жоқары болса, себеби гипертония, емлениң. Егер қан басымы нормада болса, демек сизге К витамини жетиспей атыр. Аўқатыңызға капустаны көбейтин. Ҳәр итималға қарсы, шыпакер менен ойласың.

10. Көп терлеў. Қалқан тәризли безди тексертиң. Егер түнде жүдә қатты терлеп атырған болсаңыз, нервларыңыз қатты шаршаған. Шыпакер мәсләҳәти менен тынышландыратуғын дәрилерден ишиң. Денеңиздеги өзгерислерге итибарлы болың. Кеселликти емлегеннен көре, оның алдын алған мақул.

Өз ден саўлығыңызға бийпарық болмаң!
119 views06:47
Ochish/sharhlash
2023-01-07 09:46:53
‒ Дәрилерди тийкарынан суў менен ишиў усыныс етиледи. Себеби дәри ишилгенинен кейин клетка ҳәм тоқымаларда бөлистирилиўи керек. Егер ол толық бөлистирилмесе, дәриниң нәтийжелилиги жүзеге шықпайды. Соның ушын дәрилерди кеминде 1 стакан суў менен ишиў усыныс етиледи.
Дәрилерди шай менен ишиў мүмкин емес, себеби қара шай қурамында танин ҳәм басқа элементлер бар болып, олар дәриниң нәтийжелилигин азайтып жибереди. Көк шай қурамында да бул элементлер азлы-кем бар.
Бирақ сондай дәрилер бар, асқазан силекей қабатын «қытықламаўы» ушын оларды сүт пенен ишиў усыныс етиледи.

Өз ден саўлығыңызға бийпарық болмаң!
71 views06:46
Ochish/sharhlash
2023-01-07 09:35:09
Дәрини неге шай менен ишиў мүмкин емес?

Шай менен дәри ишиў усыныс етилмейди. Шай қурамындағы танин элементи көплеген дәриликлер менен өзара тәсир етиў нәтийжесинде шөгинди пайда етеди.

Қалаберди, бундай араласпалар жүрек-қан тамыр системасына унамсыз тәсир етиўи мүмкин.

Әсиресе, қурамында азот сақлайтуғын дәриликлерди шай менен ишиўге болмайды. Соның ишинде, папаверин, кофеин, кодеин, эуфиллин ҳәм жүрек гликозидлери усындай дәриликлер қатарына киреди.

Дерек: @qrdssm
68 viewsedited  06:35
Ochish/sharhlash
2023-01-07 09:33:06
Тамырларды тазалаўдың әпиўайы усылы

Лимон ҳәм апельсинди алып, оның туқымларын алып таслаң.
Кейин гөш майдалағышта майдалаң. Алынған массаны шиша ыдысқа салың.

Таяр массаға пал қосың ҳәм музлатқышқа бир неше күн қойың.
Оны аўқаттан алдын 2 шай қасықтан қабыл етип турың

Өз ден саўлығыңызға бийпарық болмаң!

Канал силтемеси
https://t.me/salamatliqN1
70 views06:33
Ochish/sharhlash
2023-01-07 09:03:52
67 views06:03
Ochish/sharhlash
2023-01-06 21:14:37 Организм ишки орталығы - бул қан болып есапланады. Ишки ҳәм аралас секреция безлеринен ажыралған секретлер (гормонлар) туўрыдан туўры қанға өтеди.
75 views18:14
Ochish/sharhlash
2023-01-06 21:11:44
Шегиўши адамның өкпеси усы көринисте болады.

Өз ден саўлығыңызға бийпарық болмаң!
77 views18:11
Ochish/sharhlash
2023-01-06 05:56:13
Балаларға қашаннан баслап парацетамол бериў мүмкин?

Егер шыпакер тәрепинен белгиленбеген болса, парацетамолды 2 айлықтан киши балаларға ҳәм баўыр, бүйрек пенен байланыслы кеселликлери бар болған балаларға бериў усыныс етилмейди

Балаларға 24 саат ишинде 4 мәртеден көп парацетамол бериў мүмкин емес. Дозалар арасында 4-6 саат парық болыўы шәрт.

Шыпакер менен мәсләҳәтлеспестен балаларға парацетамолды 3 күннен артық берилмеўи керек.

Өз ден саўлығыңызға бийпарық болмаң!

Канал силтемеси
https://t.me/salamatliqN1
96 viewsedited  02:56
Ochish/sharhlash
2023-01-06 05:45:53 Отит - орта қулақтың исиниўинде, бактериал инфекцияның раўажланыўы характерли. Бул тийкарынан узақ даўам еткен грипп, ӨРВИ дан кейин пайда болған екилемши бактериал инфекциялар нәтийжесинде келип шығады. Сол себепли наўқасқа антибиотиклер буйырылады.
84 views02:45
Ochish/sharhlash