Get Mystery Box with random crypto!

Сырт еллерде жумыс ислеў ушын қай жерге хабарласыў кереклиги ҳ | QARAQALPAQSTAN_TV📺 🎞 📽 📲🎬 🎼️

Сырт еллерде жумыс ислеў ушын қай жерге хабарласыў кереклиги ҳаққында

Қазақстанға жиберилип атырған мийнет мигрантлары ҳаққындағы хабарлар жәрияланғаннан соң көпшилик адамлар қай жерге хабарласыў кереклигин сорап мүрәжат етпекте.

Пандемия себепли Россия ҳәм Қазақстан мәмлекетлери шегараларын ашпағанлығы себепли ҳәзирше сырт еллерде жумыс ислеў бойынша тек ғана Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги ҳәм оның Қарақалпақстандағы бөлимине мүрәжат етиў және толық мағлыўматларды алыў имканияты бар.

Буның ушын төмендеги көрсетилген телефон номерлерине хабарласыўыңыз мүмкин.

Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги: 1282 қысқа номери ямаса +99871 202 33 55, +99871 200 00 61

Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасындағы бөлими: +99861 222 53 32, +99861 222 53 34



@qaraqalpaqstan_tv