Get Mystery Box with random crypto!

Германия Аралбойы аймағын раўажландырыў ушын 8 миллион евро аж | QARAQALPAQSTAN_TV📺 🎞 📽 📲🎬 🎼️

Германия Аралбойы аймағын раўажландырыў ушын 8 миллион евро ажыратады


Германия менен биргеликте «Аралбойында экологиялық бағдарланған регионаллық раўажланыў» жойбары әмелге асырылады. Бул бойынша 26-февраль күни Өзбекстан Аўыл хожалығы министри Ж.Ходжаев ҳәм Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) жойбарлар менеджери Паул Шумахер арасында келисимге қол қойылды, деп хабар бермекте «Газета.uz».
 
Ҳүжжет Аралбойы аймағын турақлы трансшегаралық экологиялық және экономикалық жақтан раўажландырыўға ерисиўде Өзбекстан ҳәм Қазақстан ҳүкиметлерине жәрдем бериўге бағдарланған.
 
Экологиялық ҳәм социаллық тәреплерге болған унамсыз тәсирлерди минималластырыўды есапқа алған ҳалда экономикалық раўажланыўға комплексли қатнасты нәзерде тутатуғын жойбар 4 жылға арналған. Оның бюджети 8 миллион евроны қурайды.
 
– Жаңа жойбардың тийкарғы қурамлық бөлимлери: консалтинг хызметлерин көрсетиў, санластырыў, геомәлимлеме системасы, аралықтан зондлаў, трансшегаралық бирге ислесиў ҳәм басқалардан ибарат, – деген Ж.Ходжаев.
 
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
@qaraqalpaqstan_tv