Get Mystery Box with random crypto!

АҚШ мийнет министрлиги өзиниң есабатында («TDA Report») 2011-ж | PENALTY FIFA 23 ❄

АҚШ мийнет министрлиги өзиниң есабатында («TDA Report») 2011-жылдан берли биринши мәрте Өзбекстанды балалар мийнетиниң ең жаман түрлерине шек қойыў бойынша ҳәрекетлер нәтийжелилиги бойынша «сезилерли раўажланыў»дың ең жақсы категориясына киргизди.

Бул мәжбүрий ҳәм балалар мийнетине қарсы гүресиў бағдарында алып барылып атырған нәтийжели мәмлекетлик сиясат, сондай-ақ, бул тараўда жынайый жуўапкершиликтиң халықаралық стандартларға толық сәйкес түрде күшейтилгени себепли ерисилгени айрықша атап өтилди.

«Өзбекстан ҳақыйқатында да қысқа ўақыт ишинде тәсиршең раўажланыўға ерисе алатуғын үлгили мәмлекетке айланбақта», деди АҚШ Мийнет министрлигиниң Балалар ҳәм мәжбүрий мийнет бойынша басқармасының баслығы Марсиа Еугенио.

Буннан тысқары, Өзбекстан ерискен жетискенликлерди есапқа ала отырып, АҚШ Мийнет министрлиги мәмлекетте ислеп шығарылған пахтаны «Балалар ҳәм мәжбүрий мийнеттен пайдаланылған ҳалда ислеп шығарылған өнимлер дизими»нен шығарылатуғынын жәриялады. Бул қарар Өзбекстанда ислеп шығарылған пахта ҳәм оннан таярланатуғын өнимлерди АҚШқа алып кириўге қойылған рәсмий шеклеўлерди бийкар етеди ҳәм сол арқалы тоқымашылық өнимлерин экспорт етиў ушын жаңа имканиятлар ашады.

ҚХА

https://t.me/qaraqalpaqgiston24