Get Mystery Box with random crypto!

PENALTY FIFA 23 ❄

Telegram kanalining logotibi qaraqalpaqgiston24 — PENALTY FIFA 23 ❄ P
Telegram kanalining logotibi qaraqalpaqgiston24 — PENALTY FIFA 23 ❄
Kanal manzili: @qaraqalpaqgiston24
Toifalar: Taʼlim
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 465
Kanalning ta’rifi

А СПОРТЕ БЫВАЕТ ВСЯКОЕ, ДЕЛАТЬ
СТАВКУ ИЛИ НЕТ, РЕШАТЬ ВАМ МЬ
ВАС НЕ ЗАСТАВЯЕМ У НАС БЕСПЛАТНО,
МЫ НЕ ОКАЗЫВАЕМ ПЛАТНЫХ УСЛУГ,,
ПОСЛЕДЫНЕ ПРЫЛОЖЕНИЯ
АДМИНИСТРАТОР

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar

2022-10-03 07:28:13
Бүгин 3-октябрь Халықаралық шыпакерлер күни.

https://t.me/qaraqalpaqgiston24
253 viewsedited  04:28
Ochish/sharhlash
2022-10-02 18:08:13
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезектеги отыз алтыншы сессиясыныӊ ашылыўы ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги отыз алтыншы сессиясы 2022-жыл 3-октябрь күни саат 11:00 де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады.

Сессия Жоқарғы Кеңестиң facebook каналы ҳәм «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

https://t.me/qaraqalpaqgiston24
248 viewsedited  15:08
Ochish/sharhlash
2022-09-29 10:35:23
Бүгин Мойнақ районында "Арал балықларынан 99 түрли тағам" гастрономиялық фестивали болып өтеди

karakalpakstantravel
https://t.me/qaraqalpaqgiston24
355 viewsedited  07:35
Ochish/sharhlash
2022-09-29 10:27:15 АҚШ мийнет министрлиги өзиниң есабатында («TDA Report») 2011-жылдан берли биринши мәрте Өзбекстанды балалар мийнетиниң ең жаман түрлерине шек қойыў бойынша ҳәрекетлер нәтийжелилиги бойынша «сезилерли раўажланыў»дың ең жақсы категориясына киргизди.

Бул мәжбүрий ҳәм балалар мийнетине қарсы гүресиў бағдарында алып барылып атырған нәтийжели мәмлекетлик сиясат, сондай-ақ, бул тараўда жынайый жуўапкершиликтиң халықаралық стандартларға толық сәйкес түрде күшейтилгени себепли ерисилгени айрықша атап өтилди.

«Өзбекстан ҳақыйқатында да қысқа ўақыт ишинде тәсиршең раўажланыўға ерисе алатуғын үлгили мәмлекетке айланбақта», деди АҚШ Мийнет министрлигиниң Балалар ҳәм мәжбүрий мийнет бойынша басқармасының баслығы Марсиа Еугенио.

Буннан тысқары, Өзбекстан ерискен жетискенликлерди есапқа ала отырып, АҚШ Мийнет министрлиги мәмлекетте ислеп шығарылған пахтаны «Балалар ҳәм мәжбүрий мийнеттен пайдаланылған ҳалда ислеп шығарылған өнимлер дизими»нен шығарылатуғынын жәриялады. Бул қарар Өзбекстанда ислеп шығарылған пахта ҳәм оннан таярланатуғын өнимлерди АҚШқа алып кириўге қойылған рәсмий шеклеўлерди бийкар етеди ҳәм сол арқалы тоқымашылық өнимлерин экспорт етиў ушын жаңа имканиятлар ашады.

ҚХА

https://t.me/qaraqalpaqgiston24
344 views07:27
Ochish/sharhlash
2022-09-29 10:16:58
СИЗ СУЎ ТАСЫЎДАН ШАРШАДЫҢЫЗБА? БИЗДЕ БУНИН ШЕШИМИ БАР!
Акция Акция Акция!!!
25% скидка бар
Туран Фильтр компаниясы сизге Түркияда ислеп шығылған сапалы фильтрлерин усынады. Сиз бул фильтр арқалы өз уйиңизде отырып таза суў ишиў имканиятына ийе боласыз!

Биздиң фильтрлер жер кранның ашшы суўында мазалы ҳам микроэлементлерге бай қылып береди.
Водапровоттың хлорлы суўын сиз сатып алып жүрген суўдың сапасында шығарып береди.
Бул филтирлер суўды дузлардан, темирлерден, заҳарли микроблардан путкиллей тазалайди.

БИЗДЕ САПА БИРИНШИ ОРЫНДА! ҮСКЕНЕГЕ 3 ЖЫЛ ГАРАНТИЯ БАР

  Қала, районларға жеткерип ҳәм орнатып бериў БИЙПУЛ!
Төлемлер сиз қәлеген усылда. Яғный 2 айға, 4 айға болип төлеу имканиятлары бар.
Жанеде аппарттың ярим пулин төлен қалганын 1 ай ишинде төлесеңиз болады. Ҳеш кандай процент, үстеме қосилмайды.
Мәнзил: Т.Кайпбергенов көшеси, 27-жай.
Ориентир: Таза паспорт стол, Манеж
Толық мағлумат ушын
+99891 386 08 08
+99891 386 21 22
ТАЗА СУЎ ДЕН-САУЛЫҚТЫН ГИРРЕЎИ!

Реклама
249 views07:16
Ochish/sharhlash
2022-09-29 10:11:05
Қарақалпақстан Республикасында дизимнен өткен жуўапкершилиги шекленген жамийетлер саны қанша?

Классификатор бойынша Қарақалпақстан Республикасында дизимнен өткен жуўапкершилиги шекленген жамийетлер сани 2022- жылдың 1-август жағдайына 16 683 ти қурап, бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 1 490 ға ямаса 9,8 % ке өскенлигин көриўимиз мүмкин.

Ҳәрекеттеги жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер саны 15 882 ди қурап, бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 465 ке ямаса 10,2 % ке өскен.

ҚР Статистика басқармасы

https://t.me/qaraqalpaqgiston24
217 viewsedited  07:11
Ochish/sharhlash
2022-09-29 10:10:39
Мойнақ районында фестивальлар басланды

Усы жыл 29 ҳәм 30-сентябрь күнлери Мойнақ районы ҳәм Нөкис қаласында Сулайман Бақырғанийдың туўылғанының 900 жыллығына бағышланған халық аралық конференция, «Арал ҳәм Мойнақтың тиклениўи» халықаралық экофестивалы, «Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивалы болып өтеди.

Бүгин Мойнақ районында «Арал ҳәм Мойнақтың тиклениўи» художниклер ҳәм дөретиўшилердиң халықаралық фестивалы, «Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивалы басланды.

Илаж қатнасыўшылары Мойнақ аэропортында салтанатлы күтип алынды. Мийманлар районның дыққатқа ылайық орынлары менен танысады.

Күнниң екинши ярымында халық аралық конференция қатнасыўшылары Мойнақ районында болып, Сулайман Бақырғаний комплекси ҳәм бул жерде алып барылып атырған қазыў жумысларының барысы менен танысады.

Сондай-ақ, «Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивалының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими ҳәм көркем өнер шеберлериниң гала концерти болып өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги
226 viewsedited  07:10
Ochish/sharhlash
2022-09-28 08:58:09
Мүрәжат

Жокарыдагы фотода көргениңиз Нөкис қаласы раддомнан өткеннен кейин қан қуйыў шахабшаның алдындағы өтип турған асфальт жол ойылып авариялық жағдайға келгенине мине 1 ямаса 2 ай болып қалды.

Алдын ислеп кетти бирақ және ойылып жарамсыз ҳалға келди. Усыны жуўапкер шахслар итибар қаратса жақсы болар еди.

https://t.me/qaraqalpaqgiston24
301 views05:58
Ochish/sharhlash
2022-09-28 08:56:55
Ҳүкимет қарары менен алыс ҳәм шетки аймақларда жумыс ислеп атырған барлық шыпакерлердиң айлық ис ҳақына қосымша 2 миллион сум муғдарында ҳәр айлық үстеме белгиленеди

Оларға ипотека тийкарында үй-жай сатып алыўда үй-жай баҳасының 50 процентине шекемги бөлеги, бирақ БЕМның 500 есесинен аспаған муғдарда қаплап бериледи.

Бул жеңиллик әмелде болған Қарақалпақстанның шетки аўыллары төменде көрсетилген

Бозатаў районы:
Аспантай АПЖ, Көксуў АПЖ
Қоңырат районы:
Қарақалпақстан АПЖ, Жаслық АПЖ, Қырыққыз АПЖ, Сүўенли АПЖ, Рәўшан АПЖ, Әжинияз АПЖ, Елабат ППЖ, Хорезм АПЖ
Мойнақ районы:
Қазақдәрья АПЖ, Қызылжар АПЖ
Тахтакөпир районы:
Ҳәким ата АПЖ, Қоструба АПЖ, Қоңыраткөл АПЖ, Белтаў АПЖ, Мүлк АПЖ
Қараөзек районы:
Қойбақ АПЖ
Әмиўдәрья районы:
Назархан АПЖ
Тақыятас районы:
Сарайкөл АПЖ
Кегейли районы:
Жалпақ жап АПЖ, Көкөзек АПЖ
Шоманай районы:
Бирлешик АПЖ, Кетенлер АПЖ
Хожели районы:
Қумжыққын АПЖ
Нөкис районы:
Кердер АПЖ, Тақыр көл АПЖ
Шымбай районы:
Қызылөзек АПЖ
Қанлыкөл районы:
Қосжап МПЖ, Жайхун МПЖ
Нөкис қаласы:
275 viewsedited  05:56
Ochish/sharhlash
2022-09-28 08:56:22
Нөкис қаласында “Жаслар дәптериˮне киргизилген
155 жасқа өзин-өзи бәнт етиў ҳәм исбилерменлигин баслаўлары ушын ноутбок, заманагөй компьютер ҳәм принтерлер тапсырылды.

Бул жаслардың барлығы жаслар машқалаларын үйрениў бойынша алып барылған сораўнамаларда ноутбок ҳәм компьютер алыў нийетин билдирген еди.

Илажға Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы П.Махсетбаев ҳәм Нөкис қаласы ҳәкими У.Панаевлар қатнасты.
https://t.me/qaraqalpaqgiston24
271 views05:56
Ochish/sharhlash