Бүгин үгит-нәсиятшы топар ағзалары Мойнақ районында болды Усы | Мойнақ районы | Рәсмий канал
Бүгин үгит-нәсиятшы топар ағзалары Мойнақ районында болды
Усы жылдың 30-апрель күни Жаңаланған Конституция бойынша референдум өткериледи. Усы мүнәсибет пенен бүгин үгит-нәсиятшы топар ағзалары Мойнақ районында болды. Мийманлар дәслеп Мойнақ районы Мәденият орайы фоесинде шөлкемлестирилген районымыздың қолы гүл ҳаял-қызлары тәрепинен исленген көргизбени тамашалады. Соннан соң “ЖАҢА ӨЗБЕКСТАНДА ХАЛЫҚ ДӘРТИНЕ ҚУЛАҚ САЛЫЎШЫ МӘМЛЕКЕТ ТИЙКАРЫ” сүрени астында илаж болып өтти. Илажда Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар илимий изертлеў иституты директоры орынбасары, педагогика пәнлери докторы, профессор О.Мусурманова, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қоры бас юристконсульти И.Қутлымуратов, Миллий гвардия ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы Д.Қудайбергеновалар районымыздағы "Ақыллы ҳаяллар" ағзалары ҳәм мәҳәллелердеги ҳаял-қызларға мәҳәллелерде шаңарақларды беккемлеў, перзент тәрбиясында ата-ананың жуўапкершилиги, үлгили ата-ана болыўдың әҳмийети, мәнаўиятлы жәмийетти қурыўда мәнаўиятлы аналардың роли, шаңарақларда китапханлықты ен жайдырыў, аўызбиршиликти тәмийинлеў, тәлим-тәрбия потенциялын беккемлеўге көмеклесиў бойынша үгит-нәсиятлаў илажларын алып барды.
Мойнақ районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
https://t.me/pressa_moynaq