Get Mystery Box with random crypto!

Мойнақ районы | Рәсмий канал

Telegram kanalining logotibi pressa_moynaq — Мойнақ районы | Рәсмий канал М
Telegram kanalining logotibi pressa_moynaq — Мойнақ районы | Рәсмий канал
Kanal manzili: @pressa_moynaq
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 8.61K
Kanalning ta’rifi

💻https://muynak.uz/
📱https://www.facebook.com/profile.php?id=100088967215883&mibextid=ZbWKwL
📱https://instagram.com/muynak.press.service?utm_source=qr&igshid=NGExMmI2YTkyZg==
📱https://www.youtube.com/@MuynakPress
📝@moynaq_murajatbot

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

1


Oxirgi xabar

2023-04-12 21:58:20
"Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги" ойынлары даўам етпекте.

Бүгин, 12-апрель күни "Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги"нде үш ойын болып өтти. Бунда:

"
Бозатаў" АПЖ 3:0 Үшсай АПЖ;

"Таллыөзек" МПЖ 4:0 Қызылжар АПЖ;

Дослық МПЖ 3:0 Тикөзек АПЖ

есап пенен бүгин ойынлар жуўмақланды.

"Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги" ойынлары даўам етеди, аймағыңыз жасларын қоллап-қуўатлаўға мирәт етемиз.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
https://t.me/pressa_moynaq
1.1K viewsedited  18:58
Ochish/sharhlash
2023-04-12 21:42:51
Референдум бул не?

Референдум - нызам ҳәм қарарларды қабыл етиў мақсетинде жәмийет ҳәм мәмлекет турмысының ең әҳмийетли мәселелери бойынша пуқаралардың улыўмахалықлық даўыс бериўи есапланады. Усы жылдың 30-апрель күни мәмлекетимизде Жаңа Конституцияның нызам жойбары улыўхалықлық даўысқа қойылады. Бул нызам жойбарының 40, 41, 42, 43, 44, 47, 51, 58, 66, 76, 78-статьялары шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларға байланыслы. Бүгин Мойнақ районына келген үгит-нәсиятшы топары күнниң екинши ярымында да районымыз аймағында болып, Мойнақ районындағы руўхый ағартыўшылық орайында Жаңа Конституцияға киритилип атырған өзгерислерге бағышланған үгит-нәсиятлаў илажы болып өтти. Соннан соң үгит-нәсиятшы топар ағзалары майыплығы болған ҳаял-қызлардың ҳалынан хабар алып, реабилитациялық әсбап-үскенелерди тапсырды.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
https://t.me/pressa_moynaq
1.2K views18:42
Ochish/sharhlash
2023-04-12 20:22:26
Бүгинги күнде Мойнақ районында туризм тараўына үлкен итибар қаратылып, бул тараўдың раўажланыўында ҳаял-қызларымыз белсендилик көрсетип келмекте. Олар үй мийманханалары, қонақ жайлар шөлкемлестирип, тур оператор болып жумыс алып бармақта. Мийманларға хызмет көрсетиў, аспазлық бойынша курсларда оқытылып, мәмлекетимиздиң қала, район ҳәм ўәлаятларында болып, өзлериниң тәжирийбесин жетилистирмекте. Үгит-нәсиятшы топар ағзалары мине бул бағдардағы жумыслар менен танысып, экология музейинде болды. Соннан соң Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар илимий изертлеў иституты директоры орынбасары, педагогика пәнлери докторы, профессор О.Мусурманова, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қоры бас юристконсульти И.Қутлымуратов, Миллий гвардия ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы Д.Қудайбергеновалар Future Muynak орайына барып, китапқумар ҳаяллар менен ушырасыў өткерди. IT centre орайында жасларға жаратылған имканиятлар менен танысты.

https://t.me/pressa_moynaq
1.6K views17:22
Ochish/sharhlash
2023-04-12 19:53:49
Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар илимий изертлеў иституты директоры орынбасары, педагогика пәнлери докторы, профессор О.Мусурманова, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қоры бас юристконсульти И.Қутлымуратов, Миллий гвардия ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы Д.Қудайбергеновалар тәрепинен "Ҳаяллар дәптер"индеги ҳаял-қызлардың өзин-өзи бәнт етиўи ушын әсбап-үскенелер салтанатлы түрде тапсырылды.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
https://t.me/pressa_moynaq
1.7K views16:53
Ochish/sharhlash
2023-04-12 19:48:38 Бүгин үгит-нәсиятшы топар ағзалары Мойнақ районында болды

Усы жылдың 30-апрель күни Жаңаланған Конституция бойынша референдум өткериледи. Усы мүнәсибет пенен бүгин үгит-нәсиятшы топар ағзалары Мойнақ районында болды. Мийманлар дәслеп Мойнақ районы Мәденият орайы фоесинде шөлкемлестирилген районымыздың қолы гүл ҳаял-қызлары тәрепинен исленген көргизбени тамашалады. Соннан соң  “ЖАҢА ӨЗБЕКСТАНДА ХАЛЫҚ ДӘРТИНЕ ҚУЛАҚ САЛЫЎШЫ  МӘМЛЕКЕТ ТИЙКАРЫ” сүрени астында илаж болып өтти. Илажда Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар илимий изертлеў иституты директоры орынбасары, педагогика пәнлери докторы, профессор О.Мусурманова, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қоры бас юристконсульти И.Қутлымуратов, Миллий гвардия ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы Д.Қудайбергеновалар районымыздағы "Ақыллы ҳаяллар" ағзалары ҳәм мәҳәллелердеги ҳаял-қызларға мәҳәллелерде шаңарақларды беккемлеў, перзент тәрбиясында ата-ананың жуўапкершилиги, үлгили ата-ана болыўдың әҳмийети, мәнаўиятлы жәмийетти қурыўда мәнаўиятлы аналардың роли, шаңарақларда китапханлықты ен жайдырыў, аўызбиршиликти тәмийинлеў, тәлим-тәрбия потенциялын беккемлеўге көмеклесиў бойынша үгит-нәсиятлаў илажларын алып барды.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
https://t.me/pressa_moynaq
1.7K viewsedited  16:48
Ochish/sharhlash
2023-04-12 19:25:54
Бүгин үгит-нәсиятшы топар ағзалары Мойнақ районында болды

1.8K viewsedited  16:25
Ochish/sharhlash