Get Mystery Box with random crypto!

'Қарақалпақша' Иңгәлап жыладым бесикте жатып, Анам ҳәййиў ай | НУКУС ЮКСАЛИШ | РӘСМИЙ

"Қарақалпақша"

Иңгәлап жыладым бесикте жатып,
Анам ҳәййиў айтты сонда жубатып,
Сөйлемейди анам тилин шубартып,
Тыңлатқан ҳәййиўи – қарақалпақша.

«Түлкишек»тен тилим шықты былдырлап,
Қашарман ойнадық, шаўып патырлап,
Қолға түскен ўақта биз қаўынлар урлап,
«Қайталанбас, енди…» дедик – қарақалпақша.

Алыслассақ усы тилде шарлаймыз,
Қарғасақ та усы тилде қарғаймыз,
Дүнья билиң, биз бармыз – жоғалмаймыз,
Жоқлаймыз сизлерди – қарақалпақша.

Бул тилдиң сөйлейтуғын өз халқы бар,
Түркитекли – тас басарлық даңқы бар,
«Жоғалады» деўге кимниң ҳақы бар,
Журтқа сәл өкпем бар – қарақалпақша.

Турмаса да журттан зыят жарқырап,
«Жоқ болажақ» дегени емес – бул бирақ,
Күн келгенде үстиме таслап топырақ,
Халқым жылар, жоқлап –қарақалпақша...

Автор: Аллаяр Дәрменов
Видео: И. Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби жәмәәти.

+998907033888
@Yuksalish_admin_nukus

Телеграм | Инстаграм | Байланыс