Get Mystery Box with random crypto!

НУКУС ЮКСАЛИШ | РӘСМИЙ

Telegram kanalining logotibi nukus_yuksalish — НУКУС ЮКСАЛИШ | РӘСМИЙ Н
Telegram kanalining logotibi nukus_yuksalish — НУКУС ЮКСАЛИШ | РӘСМИЙ
Kanal manzili: @nukus_yuksalish
Toifalar: Biznes
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 791
Kanalning ta’rifi

🔹@Yuksalish_leaders_academy🔹Nókis филиалы🔸
✨Перзентиңиз келешегин биз бенен бирге қурың📌
☎️Тел: 998907033888
🏠Мәнзил: Ислам Каримов Көшеси
🏡 Бағдар:Таза 3-магазин жанында

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

2

2 stars

1

1 stars

0


Oxirgi xabar

2022-12-25 18:37:16
Жетискенликке жетелеўши 101 күн жойбары

Академиямыз оқыўшылары ушын: пикирлеў қәбилетин ҳәм интеллектуал ой-өрисин раўажландырыў мақсетинде "Заковат" интеллектуал ойынлары болып өтеди

Бул оқыўшылардың ўатқын пайдалы ҳәм мазмунлы(қызықарлы) болыўы ушын көмеклеседи.

ЯНВАРЬ - айы ушын қабыллаў басланды,  ҮЛГЕРИП ҚАЛЫҢ

Личкада 2023 сөзин жазып қалдырың ҳәм толық мағлыўматқа ийе болың!

+998907033888
@Yuksalish_admin_nukus
203 viewsedited  15:37
Ochish/sharhlash
2022-12-24 18:56:28
Сиз перзентиңизди тәрбияламайсыз, перзентиңиздиң өзи сизден тәрбия алады...

Юксалиш лидерлер академиясында перзентиңизге:
- Ата-анаға ҳүрмет;
- Ата-ана ҳәм перзент ортасындағы мүнәсибетлер;
- Перзенттиң шаңарақтағы орны;
- Мақсет қойыў ҳәм оған ерисий
- Лидерлик сырлары, Мнемоника
сияқла жәми 36 түрли темаларда сабақлар өтиледи

Юксалиш ҳаққында мағлыўмат алыўды қәлесеңиз төменде белгисин қалдырың.

+998907033888
@Yuksalish_admin_nukus
252 views15:56
Ochish/sharhlash
2022-12-23 12:42:04
#Вакансия

Админстратор операторлық жумыс орнына қыз бала керек

@Nukus_Yuksalish - 10-20 жас арасындағы лидер балаларды оқытыў ушын арналған илим алыў дәргайы (оқыў орайы)

#Вакансия шәртлери
1. Психологиядан хабары болыўы керек
2. Студент болмаўы керек
3. Қыз бала болыўы тийис(жуўапкершиликли), адамлар менен кирисимли
4. Шақкан, жумысына жуўапкершиликли ҳәм тырысқақ,
5. Жас шегарасы 20-30 жас арасы
6. Компьютерде офис программаларын пайдаланып билиўи керек(Word, Excell)
7. Жумыс ўақты: 1-куннен, 6-кунге шекем. Саат 09:00 ден 18:00 ге шекем


Айлық: Турақлы ис ҳақы бар
KPI(қосымша оқыўшылар санына қарап бериледи )


Дыққат. Арзаларды қабыллыў 26-декабрьге шекем даўам етеди.

+998933656871
@NaurizbaevTurdibek

+998930017723
@Nuratdinov_Allayar
1.1K views09:42
Ochish/sharhlash
2022-12-13 16:15:09
Бизди қыйнайтуғын сораўлар...

Ўақыт шегераланған, жәннетимиз болса бираз мүддетке ғана биз бенен бирге. Бир-еки ауыз шийрин сөзди олардан қызғанбайық

Ана сиз ушын ким? комментарияда биз бенен бөлисиң

+998907033888
@yuksalish_admin_nukus
649 views13:15
Ochish/sharhlash
2022-12-10 18:14:39
"Zakawat intellektual oyınları" - akademiyamız oqıwshılarına kitap oqıwǵa degen qızıǵıwshılıǵın arttırıw ushın paydalı

Qanday paydalı tárepleri bar...?
Kitap oqıw insan qay jerge alıp baradı...?

1. Kitap oqıytuǵın adamdıń sóz baylıǵı júda úlken boladı. Sebebi kitap oqıǵanda adam ápiwayı kúndelik turmısda paydalana bermeytuǵın sózlerdi de ushıratadı

2. Kitap oqıǵan insannıń ózine isenimi úlken boladı. Sebebi kitaptan alǵan ılımlerı oǵan jardem beredi

3. Kitap oqıw stresslerdi azaytadı.
Stressler búgingi adamlardıń eń tiykarǵı mashqalasına aynalǵan

4. Kitap oqıw nátiyjesinde yad hám pikirlew qábileti rawajlanadı. Oylawdı (pikirlew qábiletin) rawajlandırıw kitap oqıwdıń eń nátiyjeli ózgesheligi bolıp tabıladı

Jáne qanday paydalı tárepleri bar?
Kommentariyada jazıp ótiń


+998907033888
@yuksalish_admin_nukus
758 viewsedited  15:14
Ochish/sharhlash
2022-12-07 19:40:32
Декабрь айы ушын қабыллаў даўам етпекте....

Перзентиңиздиң лидер болып жетилисиўин қәлейсиз бе...?

Юксалиш лидерлер академиясы 10 жастан 20 жасқа шекемги ул-қызларымызды:
- Лидер инсан ҳәм;
- Жәмийетлик әдеп-икрам нормалары тийкарында;
- Өз мақсет ҳәм арзыўларына әмелге асырыўда сизге жәрдем береди

Академиямыз ҳәққында және де толық мағлыўмат алыў ушын төменде белгисин қалдырың !

Академиямызға қабыллаў жуўмақланыўына 2 КҮН ЎАҚЫТ қалды... Толық мағлыўмат ушын...

+998907033888
@yuksalish_admin_nukus
874 viewsedited  16:40
Ochish/sharhlash
2022-12-01 18:53:47
"Қарақалпақша"

Иңгәлап жыладым бесикте жатып,
Анам ҳәййиў айтты сонда жубатып,
Сөйлемейди анам тилин шубартып,
Тыңлатқан ҳәййиўи – қарақалпақша.

«Түлкишек»тен тилим шықты былдырлап,
Қашарман ойнадық, шаўып патырлап,
Қолға түскен ўақта биз қаўынлар урлап,
«Қайталанбас, енди…» дедик – қарақалпақша.

Алыслассақ усы тилде шарлаймыз,
Қарғасақ та усы тилде қарғаймыз,
Дүнья билиң, биз бармыз – жоғалмаймыз,
Жоқлаймыз сизлерди – қарақалпақша.

Бул тилдиң сөйлейтуғын өз халқы бар,
Түркитекли – тас басарлық даңқы бар,
«Жоғалады» деўге кимниң ҳақы бар,
Журтқа сәл өкпем бар – қарақалпақша.

Турмаса да журттан зыят жарқырап,
«Жоқ болажақ» дегени емес – бул бирақ,
Күн келгенде үстиме таслап топырақ,
Халқым жылар, жоқлап –қарақалпақша...

Автор: Аллаяр Дәрменов
Видео: И. Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби жәмәәти.

+998907033888
@Yuksalish_admin_nukus

Телеграм | Инстаграм | Байланыс
1.1K views15:53
Ochish/sharhlash
2022-12-01 17:02:38
Байрамың қутлы болсын - Ана тилим

Ана тилиме
Жыраў сени бәйги атындай баплаған,
Шешенлер даўда шыңлап сени таплаған,
Алпамыслар уран етип урыста,
Бердақ сени қурал етип саплаған.

Байтерексең өскен гөне тамырдан,
Дилўарлығың қыл суўырған қамырдан,
Қарақалпақтың кеўил қусы сайраса,
Сөз қыйсыны ғәзийнеңнен табылған.

Гүлпаршынлар баўыры оттай қамынып,
Қызлар сыңсып муңын айтқан сағынып,
Сен арқалы ханды жумсап қатынлар,
Әжинияз сайраған елин сағынып.

Нақылларың шағып көрсем, мағыздан,
Жуўабыйсаң зейин суўын ағызған,
Атам саған азаматлық жан берип,
Анам саған мийрим сүтин тамызған.

"Ана тилиме" - Ибрайым Юсупов.

+998907033888
@Yuksalish_admin_nukus

Телеграм | Инстаграм | Байланыс
752 views14:02
Ochish/sharhlash
2022-12-01 15:19:16
Мәртебең бәлент болсын Ана тилим!

Сазға қоссам, ҳаўалаған аласар,
Илме султан сулыўлығың жарасар,
Қандай жақсы ағайинниң көплиги!
"Жақынбыз" деп саған көп тил таласар.

Таллар сенше гүўилдескенин көрдим,
Сеннен шөл самалы ескенин көрдим,
Қара үйде Пушкин менен Бердақтың
Қарақалпақша сәўбетлескенин көрдим.

Ана тилим сен басқадан айырмам.
Сен турғанда мен  де әдеўир шайырман,
Сонша қатал сүргинлерге жоғалмай,
Бул күнлерге жеткениңе қайылман.

"Ана тилиме" - И. Юсупов.

+998907033888
@Yuksalish_admin_nukus

Телеграм | Инстаграм | Байланыс
1.1K viewsedited  12:19
Ochish/sharhlash
2022-12-01 09:05:04
1-декабрь – Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

Ана тилимизге Мәмлекетлик тил бийлигиниң берилгенине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен гүллан халқымызды Юксалиш лидерлер академиясы жәмәәти қутлықлайды

+998907033888
@Yuksalish_admin_nukus

Телеграм | Инстаграм | Байланыс
630 views06:05
Ochish/sharhlash