Get Mystery Box with random crypto!

NIYET.UZ | Рәсмий канал

Telegram kanalining logotibi niyetuz — NIYET.UZ | Рәсмий канал N
Telegram kanalining logotibi niyetuz — NIYET.UZ | Рәсмий канал
Kanal manzili: @niyetuz
Toifalar: Din
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 1.39K
Kanalning ta’rifi

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.

Ratings & Reviews

4.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar

2023-03-08 10:31:12
#мағлыўмат #ораза

ОРАЗА ҚАНДАЙ ИБАДАТ?

Ораза дәслеп Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Мадинаға ҳижрат қылғанынан кейин арадан бир ярым жыл өткеннен кейин – яғный ҳижраттың он сегизинши айы, шаъбан айының оныншы күнинде, қыбла Байтул Мақдистан Каъба тәрепке өзгертилгеннен кейинги айда парыз қылынған. Нәбий саллаллоаҳу алайҳи ўа саллам тоғыз жыл Рамазан оразасын тутқан. Олардан екеўин отыз күннен, қалған жетеўин жигирма тоғыз күннен тутқан.
Араб тилиндеги “саўм” (ораза) лоғатта “өзи тыйыў” деген мәнини билдиреди. Шаръий истилаҳта болса Рамазан айында таң атқаннан қуяш батқанша нийет пенен аўқат жеўден, ишимлик ишиўден, жынысый жақындық қылыўдан тыйылыўға “ораза” делинеди. Ораза тутыў Ислам дининиң бес рукни, бес тийкарынан бири, Қуран ҳәм Сүннет пенен парыз болған.

Мөминниң меъражы китабынан.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
67 views07:31
Ochish/sharhlash
2023-03-08 08:30:58
#Ҳәдис

Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылнады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: “Уйқыда едим, түсимде жәннетте екенмен. Қуран тиләўат қылып атырған даўысты еситтим, ким бул? - деп сорасам бул адам Ҳариса ибн Нуъман деди”. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Жақсылықтың сыйлығы сондай, жақсылықтың сыйлығы сондай" - деди. Ҳариса ибн Нуъман анасына ең көп жақсылық қылыўшы, меҳрийбан адамлардан еди.

Имам Аҳмад ҳәм Имам Насаий рәўияты.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
111 viewsedited  05:30
Ochish/sharhlash
2023-03-08 06:30:46
#видео_ролик

«АЗАНДА ҲӘМ КЕШТЕ ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА»


КОПАБАЕВ ИКРАМ
Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити имам-найыбы.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
128 views03:30
Ochish/sharhlash
2023-03-08 04:30:37
#тилек

Ассаламу алайкум ўа роҳматуллаҳи ўа бәрокатуҳ!

Қәлбимизди кең, исимизди оң, тәғдиримизди жақсылықларға бөлесин, күнимизди шырайлы ҳәм мазмунлы қылсын. Әмийн!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
168 views01:30
Ochish/sharhlash
2023-03-07 21:00:22
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен 08-март күнги намаз ўақытлары

«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 


  ТАҢ — 06:50
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 17:25
  ШАМ — 19:03
  ҚУПТАН — 20:25

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

Таҳажжуд — 06:00
Зуҳа (сәске) — 10:00
Әўўәбийн — 19:17



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
175 views18:00
Ochish/sharhlash
2023-03-07 17:47:23
#ҳикмет

ҲАЯЛДЫ:

Жақсы көриў – Сүннет
Асрап абайлаў – Ўәжип
Зулым қылыў – Ҳарам
Оны қуўанышқа бөлеп разылығын алыў болса саўап!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
526 views14:47
Ochish/sharhlash
2023-03-07 15:41:16
#дуўа

Жаўын жаўып турғанда айтылатуғын дуўа

Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият етиледи: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «...егер жаўын жаўса: «Аллооҳуммә соййибән нәәфиъан» дейтуғын еди.

Мәниси: «Аллаҳым пайдалы жаўын қыл».

Әзизлер, жаўын жаўып турған ўақыт Аллаҳ тааланың мийрим есиклери ашылып турған ҳәм дуўалар қабыл болатуғын ўақыт. Солай екен, ўатанымыз, халқымыз, шаңарағымыз ҳәм өзлеримиз ушын жақсы дуўалар қылып алайық.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
204 views12:41
Ochish/sharhlash
2023-03-07 12:38:58
#ҳәдис

Усама ибн Зайд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Бир күни мен Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға сораў бердим: «Я Расулаллаҳ, мен (Рамазаннан тысқары) бирде-бир айда Шаъбандағыдай ораза тутқаныңызды көрмедим?» Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди: «Бул сондай ай, адамлар Ражаб пенен Рамазан ортасында одан ғәплетте қалады. Бул айда әмеллер адамлар Рәббисине көтериледи. Солай екен, мен әмелимди өзим ораза ҳалымда көтерилиўин жақсы көремен», – деди.

Имам Насаий рәўияты.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
194 views09:38
Ochish/sharhlash
2023-03-07 10:30:43
#ҳикмет

Бир алымнан адамлар:
– «Неге турмыс буншелли қыйынласып кетти?» – деп сорапты.

Сонда алым:
– «Себеби, күнин «Бисмиләәҳ» пенен баслайтуғын адамлар кемейип кетти», – деп жуўап берген екен.

Ким күнин «Бисмилләәҳ» пенен басласа, әлбетте Аллаҳ таала сол күнди «Әлҳамдулилләәҳ» менен тамамланыўын несип етеди.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
196 views07:30
Ochish/sharhlash
2023-03-07 08:30:24
#ҳикмет

ИСМНИҢ ШАРАПАТЫ

     Ҳәзирети Ашраф Әлий Таҳанаўий айтады, Аллаҳ таала исмлер, лебизлер ҳәм сөзлерге де әжайып тәсирлер жайластырып қойған.
     Бир жигитти ата-анасы Калимуллаҳ деп атаған екен, сол жигит көбинесе бийтап болып жүрер еди. Мен оның атын Салимуллаҳ деп өзгерттим. Сол ўақыттан баслап дүзеле баслады. Себеби, Калимниң мәниси наўқас ҳәм жарадар, дегени.

     ("Мажалиси ҳәкимул-умма")



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
204 viewsedited  05:30
Ochish/sharhlash