Get Mystery Box with random crypto!

«Жоралар» Ассалаўма алейкум, топласлар! Жазлы самалда дем алып | Miraddin Miriad

«Жоралар»
Ассалаўма алейкум, топласлар!
Жазлы самалда дем алып жатқанлар.
Дөңгелекти айландырып ояқ-буяққа,
Турмыс талабында жүрген жоралар.

Атланып хызметке ѳтемек ушын,
Ерлик миннетти атқармақ ушын,
Ўатанды қорғаў антын ишип,
Әскерлик сапта жүрген жоралар.

Ўаҳа-ҳасы аспанда, қалпағы басында,
Жыйналып ёшса ойыны бар басқаша.
Ҳал-аўҳал сорап, телеграмда жазып,
Бир-бирине қәдирдан жоралар.

08.08.2019
Miraddin Oralbay ulı
@miraddinmiriad