Get Mystery Box with random crypto!

Miraddin Miriad

Telegram kanalining logotibi miraddinmiriad — Miraddin Miriad M
Telegram kanalining logotibi miraddinmiriad — Miraddin Miriad
Kanal manzili: @miraddinmiriad
Toifalar: Faktlar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 63
Kanalning ta’rifi

Republic of Qaraqalpaqstan
Bir tildi basqasına bılǵap,
«Eki álem» áweresi «oraq».
Miraddin Oralbay ulınıń azı-kem qálem qozǵalısın jarıyalawshı kanal
@miraddinbot

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar

2023-02-26 23:16:58 Қосығым мениң қара сөзден болса да,
Көңилим күйи баян етилген онда.
Сөз маржанын терген шайыр болмасам да,
Жүрек қозғалысын айтқым келди төрт қатарда.

14.08.2018
Miraddin Oralbay ulı
@miraddinmiriad
83 views20:16
Ochish/sharhlash
2023-02-26 23:08:34 Aptabı nurı tańınan tablanǵan,
Báhár samalı jaǵımlı sipaǵan,
Kewillerge gozzallıqlar ataǵan,
Quyash mısal jarqıraǵan gúlseń.

Miraddin Oralbay ulı
@miraddinmiriad
86 views20:08
Ochish/sharhlash
2023-02-26 23:07:29 Бул өмирде өйлағаның,
Бәрҳә бола бермейди,
Ағын суўлар қайытпас изге,
Өмир еки берилмейди.

Miraddin Oralbay ulı
@miraddinmiriad
86 views20:07
Ochish/sharhlash
2023-02-26 23:03:58 Көңиллер толқында, сен қайықта онда,
Бәҳәр гүлиндей ашылдың сайда,
Нурлар шашты жулдыз мысал көзлериң,
Жолларым жарық еттиң түнлери мениң.

Miraddin Oralbay ulı
13.07.2018-jıl
Nókis qalası
@miraddinmiriad
79 views20:03
Ochish/sharhlash
2023-02-20 02:35:22 «Мәниси бостанлық»

Ҳәмдиў-сәнелер болсын Аллаға,
Сийратыма бир нәзер берейин,
Салыҳ болып жасаўға умтылып,
Әрифликке мудам қарап жасайын.

Ҳәр күнимиз бир жедел күн,
Ҳәр жерде дад сорап жасаймыз,
Әсийлерден жанымыз болып араф,
Алладан бәлегәрдан күтип жасаймыз.

Бойым бир текене липасда,
Мушаҳадам машрық нәпесинде,
Мәнийм бостанлық жолында,
Фазыл болыўға жаным садаға.

Miraddin Oralbay ulı
@miraddinmiriad
126 viewsedited  23:35
Ochish/sharhlash
2023-01-28 20:24:36 #Qaraqalpaqlar
#Ádebiyat
Әжжедей аппақ дийўалға,
Бир шыбын қонып қалыпты.
Хийўада келте минәрға
Ләйлек қус уя салыпты,
— дегендей, бул нуқсанлар бизиң тарийхымыз ҳаққында жазылған бул романның баҳасын кемите алмайды деп ойлаймыз.

Т. Қайыпбергенов. Қарақалпақ дәстаны. Маман бий әпсанасы. Нөкис, «Билим» баспасы, 2018-жыл. 512 бет.
200 views17:24
Ochish/sharhlash
2023-01-26 02:03:55 «Жоралар»
Ассалаўма алейкум, топласлар!
Жазлы самалда дем алып жатқанлар.
Дөңгелекти айландырып ояқ-буяққа,
Турмыс талабында жүрген жоралар.

Атланып хызметке ѳтемек ушын,
Ерлик миннетти атқармақ ушын,
Ўатанды қорғаў антын ишип,
Әскерлик сапта жүрген жоралар.

Ўаҳа-ҳасы аспанда, қалпағы басында,
Жыйналып ёшса ойыны бар басқаша.
Ҳал-аўҳал сорап, телеграмда жазып,
Бир-бирине қәдирдан жоралар.

08.08.2019
Miraddin Oralbay ulı
@miraddinmiriad
211 viewsedited  23:03
Ochish/sharhlash
2023-01-26 02:00:08 «Жақсы адам»
Жақсы адам жақсылығын билдирмес.
Бул дүньяны тек жақсылық пенен өлшеп, кес.
Адам болып адамлығың асырып,
Бул дүньяда изиңнен өзиңе ҳәйкел соғып кет.

Жақсылық умытылмайды, жақсылар мəңги,
Орын алған жүреклерден ҳәр бири.
Көзлеринде көринеди қуяш нуры,
Көкирегинде ҳақ инсанның жүреги.

26.09.2019
Miraddin Oralbay ulı
@miraddinmiriad
195 viewsedited  23:00
Ochish/sharhlash
2023-01-26 01:55:57 Adam ómiri yalǵanday mısal,
Qanadursań ómir súrseń onda.
Hár kúni keshte talsam oyǵan,
Toqırawǵa tutılıp qalam boyda.

Miraddin Oralbay ulı
@miraddinmiriad
141 viewsedited  22:55
Ochish/sharhlash
2023-01-25 20:25:16 Ózińnen basqaǵa, hátteki, ózińe de inanba!

@miraddinmiriad
146 viewsedited  17:25
Ochish/sharhlash