Get Mystery Box with random crypto!

MAKAN.UZ

Telegram kanalining logotibi makan_uz — MAKAN.UZ M
Telegram kanalining logotibi makan_uz — MAKAN.UZ
Kanal manzili: @makan_uz
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 24
Kanalning ta’rifi

18
Makan.uz - Өзбекстанда ҳәм дүнья жүзинде болып атырған ўақыялар бойынша халыққа исенимли мағлыўмат беремиз.
Мүрәжат жоллаў: @makanuzbot
Реклама ушын: @tek_reklamabot
Аудио хабарлар: @makanuzFM

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 19

2022-06-11 12:41:17
Қарақалпақстандағы ЖОО ҳәм Туркия жоқары оқыў орны бирге ислесиўди жолға қойды

9-10-июнь күнлери Туркияның Измир қаласында Өзбекстан-Туркия жоқары оқыў орынлары форумы болып өтти. Форум шеңберинде Туркияның Сакаря университети ректорф Фатиҳ Савасан ҳәм Қарақалпақ мәмлекет университети ректоры Ахмед Реймовлар еки университет ортасында халық аралық бирге ислесиў бойынша меморандумнына қол қойды.

Бул арқалы гуманитарлық, социаллық ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша еки ЖОО ортасында студент ҳәм муғаллимлердиң тәжирийбе алмасыўы мүмкин болды.

Соның менен бирге, педагог кадрлар тәжирийбесин асырыў курслары, академиялық ушырасыўлар ҳәм симпозиумлар шөлкемлестириў белгилеп алынған.

Makan.uz
20.4K views09:41
Ochish/sharhlash
2022-06-11 12:31:06
Дыққат қабыллаў!

Қарақалпақстан аўыл хожалығы
ҳәм агротехнологиялары институты академиялық лицейи базасында шөлкемлестирилип атырған Президент оқыў орынлары агентлигине қараслы «Шымбай районы қәнигелестирилген мектеби»не 2022/2023-оқыў жылы ушын 5-класстан 11-классларына шекем оқыўға қабыллайды.

Кириў имтиханлары төмендеги пәнлерден тест усылында өткериледи:
Анық пәнлер бағдарында: математика, физика, инглис тили;
Тәбийий пәнлер бағдарында: биология, химия, математика, инглис тили.

Мәнзил: Шымбай районы, Дослық гүзары көшеси, 8-жай.

Қосымша мағлыўмат ушын: https://ariza.piima.uz
614441601, 614442615, 995881219, 907247470.

Қабыллаў 2022-жыл 20-июньға шекем даўам етеди.

Реклама
20.0K views09:31
Ochish/sharhlash
2022-06-11 11:40:47
13-июнь күни Нөкис районының айырым аймақларында газ өшеди

Нѳкис районы аймағында жайласқан «Шоркѳл» автоматластырылған газ бѳлистириў станциясында «Ургенчтрансгаз» унитар кәрханасы тәрепинен оӊлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы «Тақыркѳл» аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм «Қутанкѳл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 13-июнь куни саат 10:00 ден саат 18:00 ге шекем тәбиий газ жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады.

Оңлаў жумыслары жуўмақланғаннан соң тәбийғый газ тәмийнаты қайта тикленеди, сонлықтан тутыныўшылардан тәбийғый газди ѳширип ҳәм қайта жалғаған ўақытларда техника қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўиңизди сораймыз.

"Hududgaz Qaraqalpaqstan" газ тәмийнаты филиалы мәлимлеме хызмети

@makan_uz
21.1K viewsedited  08:40
Ochish/sharhlash
2022-06-11 11:18:16
Ташкент қаласында өткерилген Республика қуўыршақ театрларының XIII дәстүрий фестивалында Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры жәмәәти Мурат Бегимов авторлығындағы Қобланбек Қалилаев тәрепинен сахналастырылған "Қорқыт ата" спектакли менен қатнасып, III дәрежели диплом менен сыйлықланды.

Makan.uz
20.8K viewsedited  08:18
Ochish/sharhlash
2022-06-11 11:07:57
11-июньға шекем инглис тили курсларына дизимнен өткен 10 адам 10% шегирмеге ийе болады.

"iStudy" инглиз тили курсында:
IELTS ҳәм Инглис тилин сапалы үйренесиз;
Oxford University Press материяллары;
Қолайлы локация;
Хәр айлық тестлер;
Қол жетимли бахаларға ийе боласыз.

Сапасына кепиллик беремиз, егер курсымыздың сапасы унамаса, 100% ақшаңызды қайтарып беремиз.

Мәнзил: Нөкис қаласы, А.Досназаров ҳәм А.Тимур көшеси кесилиспеси.
Бағдар: Бурынғы Ucell компания
Телеграм арқалы дизимнен өтиў @istudy_nukuss
+998933663300

Реклама
21.1K views08:07
Ochish/sharhlash
2022-06-11 10:58:33
Ақмаӊғытта 40 шаӊарақ жайлы болды

https://makan.uz/kk/article/21831

@makan_uz
20.7K views07:58
Ochish/sharhlash
2022-06-11 10:02:33
Өзбекстанда почта байланысы ҳаққындағы нызамға президент тәрепинен қол қойылды

«Почта байланысы ҳаққында»ғы нызам президент тәрепинен қол қойылды. Бул ҳаққында Telegram’дағы «Huquqiy axborot» каналы хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, нызам менен нызамшылыққа посылка, почта курьери сыяқлы түсиниклер киргизилген.

Нызамға бола, почта хызметлери почта байланысы операторлары ҳәм провайдерлери тәрепинен почта, курьерлик хызметлери, сондай-ақ, және басқа түрдеги почта хызметлери формасында шәртнама тийкарында көрсетиледи.

Makan.uz
22.1K viewsedited  07:02
Ochish/sharhlash
2022-06-11 09:20:59
Қарақалпақстанда исбилерменлик пенен шуғылланыўшы физикалық шахсларға компенсация бериледи

Қарақалпақстан Республикасы районларында жасаўшы ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланыўшы физикалық шахсларға фотоэлектрик станциясы, қуяш ҳәм суў ысытыў системаларының аўысық бөлеклерин сатып алыў ғәрежетлериниң 30 проценти муғдарында, бирақ 3 миллион сумнан көп болмаған муғдарда компенсация бериледи.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети хабар берди.

@makan_uz
22.3K views06:20
Ochish/sharhlash
2022-06-11 08:50:02
Баҳодир Жалолов қарсыласын аўыр нокаутқа ушыратты (видео)

https://makan.uz/kk/article/21830

@makan_uz
22.5K views05:50
Ochish/sharhlash
2022-06-11 08:13:12
Эрдоған президентлик ушын және кандидатын қоймақшы

https://makan.uz/kk/article/21829

@makan_uz
23.0K views05:13
Ochish/sharhlash