Get Mystery Box with random crypto!

13-июнь күни Нөкис районының айырым аймақларында газ өшеди Нѳ | MAKAN.UZ

13-июнь күни Нөкис районының айырым аймақларында газ өшеди

Нѳкис районы аймағында жайласқан «Шоркѳл» автоматластырылған газ бѳлистириў станциясында «Ургенчтрансгаз» унитар кәрханасы тәрепинен оӊлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы «Тақыркѳл» аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм «Қутанкѳл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 13-июнь куни саат 10:00 ден саат 18:00 ге шекем тәбиий газ жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады.

Оңлаў жумыслары жуўмақланғаннан соң тәбийғый газ тәмийнаты қайта тикленеди, сонлықтан тутыныўшылардан тәбийғый газди ѳширип ҳәм қайта жалғаған ўақытларда техника қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўиңизди сораймыз.

"Hududgaz Qaraqalpaqstan" газ тәмийнаты филиалы мәлимлеме хызмети

@makan_uz