Get Mystery Box with random crypto!

Mag'zaniyshan.uz

Telegram kanalining logotibi magzaniyshanuz — Mag'zaniyshan.uz M
Telegram kanalining logotibi magzaniyshanuz — Mag'zaniyshan.uz
Kanal manzili: @magzaniyshanuz
Toifalar: Din
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 945
Kanalning ta’rifi

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

1


Oxirgi xabar 2

2022-08-25 20:27:36
Күнлик ўазыйпа:

Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)

#намаз_ўақытлары

➠ @MagzaniyshanUz
262 views17:27
Ochish/sharhlash
2022-08-25 20:23:53
Жуманың сүннетлери:

1. Жума ушын ғусыл қылыў;
2. Хош ийисли нәрселер сүртиў;
3. Шырайлы кийимлер кийиў;
4. Жумаға ерте барыў;
5. Жума күни денени таза, көринисти көркем қылыў; 
6. Жума күни Каҳф сүресин оқыў;
7. Жума күндизинде ҳәм түнинде дуўаны көп қылыў;
8. Жума күни Пайғамбарымыз саллаллаху алайҳи ўа салламға салаўатларды көп айтыў;
9. Жума күни таң намазында "Ҳә мийм сәждә" ҳәм "Ҳәл әтәә ьаләл инсәәний" сүрелерин оқыў; 
10. Жума намазының парызынан алдын ҳәм кейин 4 рәкааттан сүннет намазын оқыў.

@MagzaniyshanUz
251 views17:23
Ochish/sharhlash
2022-08-25 20:23:20 ​​​​​​#Cалаўат

Ҳәбийбимизге ﷺ қысқа салаўатлар қандай айтылады?

• صَلَّى اللهُ عَلَيْهِ وَسَلَّمَ

Оқылыўы: "Саллаллоҳу ъалайҳи ўа саллам".
Мәниси: "Ол затқа Аллаҳтың салаўат ҳәм сәлеми болсын!"

• عَلَيْهِ السَّلَامَ

Оқылыўы: "Алайҳиссалам".
Мәниси: "Ол затқа салем болсын!"

• عَلَيْهِ الصَّلَاةُ وَالسَّلَامَ

Оқылыўы: "Алайҳиссолату ўа сәллам".
Мәниси: "Ол затқа салауат ҳәм сәлем болсын!"

• صَلَّى اللهُ عَلَى مُحَمَّدٍ

Оқылыўы: "Саллаллоҳу ъалаа Муҳаммад".
Мәниси: "Муҳаммадқа Аллахтың салаўаты болсын!"

• أَللَّهُمَ صَلِّ وَسَلِّمْ وَبَارِكْ عَلَيْهِ

Оқылыўы: "Аллоҳумма солли ўа сәллим ўа бәрик ъалайҳ".
Мәниси: "Аллаҳым! Ол затқа салаўат хәм сәлем жолла, берекеңди даўамлы қыл!"

• أَللَّهُمَ صَلِّ عَلَى مُحَمَّدٍ وَعَلَى آلِ مُحَمَّدٍ

Оқылыўы: "Аллоҳумма солли ъалаа Муҳаммадиу ўа ъалаа әәли Муҳаммад".
Мәниси: "Аллаҳым! Муҳаммадқа, Муҳаммадтың шаңарағына салаўат жолла!"

• أَللَّهُمَ صَلِّ عَلَى مُحَمَّدٍ النَّبِيِّ الأُمِّيِّ وَعَلَى آلِ مُحَمَّدٍ

Оқылыўы: "Аллоҳумма солли ъалаа Муҳаммадинин нәбийил уммии‌и‌и ўа ъалаа әәли Муҳаммад".
Мәниси: "Аллаҳым! (Бирер кисиден) оқыў-жазыўды үйренбеген нәбий Муҳаммадқа, Муҳаммад шаңарағына салаўат жолла!"

• أَللَّهُمَ صَلِّ عَلَى مُحَمَّدٍ وَعَلَى آلِهِ وَسَلِّمْ

Оқылыўы: "Аллоҳумма солли ъалаа Муҳаммадиу ўа ъалаа әәлиҳии‌ ўа сәллим".
Мәниси: "Аллаҳым! Муҳаммадқа, Ол зат шаңарағына салаўат хәм сәлем жолла!"

• صَلَّى اللهُ وَسَلَّمَ عَلَى نَبِيِّنَا مُحَمَّدٍ وَعَلَى آلِهِ وَأَصْحَابِهِ أَجْمَعِينَ

Оқылыўы: "Саллаллоҳу ўа саллама ъалаа нәбийинаа Муҳаммад, уа ъалаа әәлиҳии‌ ўа асҳаабиҳии‌ ажмаъии‌н".
Мәниси: "Паи‌ғамбарымызға, Ол зат шаңарақ ағзаларына бәрше саҳабаларына Аллаҳтың салаўат хәм сәлемлери болсын!"


@MagzaniyshanUz
256 views17:23
Ochish/sharhlash
2022-08-25 17:32:26
    Көп адамның жолының жабылып, исиниң жүриспеўи - пейилдиң тарлығы менен нийеттиң дурыс емеслигинен болады екен. Халқымыз не ушын «кең болсаң, кем болмайсаң» деп айтады? Себеби, биреўге жақсылық қылыўды ойлаған сайын адамның кеўли көтерилип, өмирине берекет келеди. Ол адамға ырысқы-несийбе күтпеген жерден келеди.

   Ал «Өзим дегенде өгиз қара күшим бар» деп өзимшиликке урынған адам әтирапындағыларға опасыз болса, оның бәрибир бир иси кемип, жумысы жүриспей жүреди.

   Сонлықтан да Пайғамбарымыз алайҳиссалам: "Сизлер өзлериңе нени қәлесеңиз, соны жақынларыңа да қәлемегениңизше, толық ийман келтирген болмайсызлар", - деген.

(Имам Бухарий, Имам Муслим рәўияты)


➠ @MagzaniyshanUz
263 viewsedited  14:32
Ochish/sharhlash
2022-08-25 13:59:25 ​​#ҳикая

  Ҳикая етилиўинше, бир адам өзиниң қызғаншақ достының үйине мийманға барды. Үй ийеси улын шақырып: "Балам, үйимизге биз ушын әзиз болған достымыз мийман болып келди. Қассапқа барып, бизге ярым кило ең жақсы гөштен алып кел", - деди.

  Бала қассап алдына кетти. Арадан бираз ўақыт өтип, қуры қол қайтып келди. Әкеси оннан "Гөш қәне?" - деп сорады.

  Бала: “Қассапқа барып, “Бизге ең жақсы гөштен берер екенсиз” - дедим.
  Ол маған: “Саған сары майдай гөш беремен” - деди.
  Мен өзимше, “Егер ол сондай қылатуғын болса, неге гөш орнына сары май алмайман?!" - дедим де, сары майшының қасына бардым.

  Барып, “Бизге ең жақсы сары майыңыздан берер екенсиз” - дедим. Ол “Мен саған палдай сары май беремен” - деди.

  Өзимше, “Егер сондай қылатуғын болса, пал аламан” - деп ойладым. Сол ой менен пал сатыўшыға бардым.

  Барып, "Бизге ең жақсы палдан берер екенсиз", - дедим. Сатыўшы "Мен саған мөлдир суўдай пал беремен", - деди.

  Өзимше "Егер сондай ететуғын болса, үйимизде таза суў бар ғой, - дедим де, ҳеш нәрсе алмай келдим", - деп жуўап берди.
Әке улының сөзлерин еситкеннен кейин, "жүдә ақыллы баласаң. Бирақ, бир нәрсени ойламапсаң. Бир дүканнан басқасына барғанша аяқ кийимиң ескирген шығар", - дегенинде, баласы:

"Әкежан, мен мийманның аяқ кийимин кийип барып келдим", - деди. Бала қызғаншақлықта әкесинен де өтип кеткен еди. Ал, әлбетте, бул дурыс емес, жаман тәрбияның ақыбети.

Дурыс, перзентлер ата-аналары қандай тәрбия берсе, нелерге әдетлендирсе, сондай тәрбия алып үлкейеди. Соның ушын да, ата-аналар перзентлерине жақсы әдепти үйретсе, өзлери бул ҳаққында өрнек болыўы керек.

➠ @MagzaniyshanUz
270 views10:59
Ochish/sharhlash
2022-08-25 10:52:27
#видео

  Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешити имам-хатиби

Юсупов Арзыўбай


Тема: Қоңсың азар берсе сабыр қыл

#МАРУЗА
  03:10

@MagzaniyshanUz
376 viewsedited  07:52
Ochish/sharhlash
2022-08-25 09:54:22
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

Әссаламу алейкум ўа раҳматуллаҳи ўа барокатуҳ! 



Бүгин ҳәптениң пийшемби күни

27 - Муҳаррам                  1444 ж
25 - Августь                        2022ж


@MagzaniyshanUz
295 views06:54
Ochish/sharhlash
2022-08-24 19:54:58
Күнлик ўазыйпа:

Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)

#намаз_ўақытлары

➠ @MagzaniyshanUz
308 views16:54
Ochish/sharhlash
2022-08-24 14:46:06 Сен баҳытлы бол...

Илим-мағрифатты изле ҳәм тәлим ал. Себеби билим ғамды кеткизеди.
Тәўбе қыл, гүнаҳлардан ўаз кеш, себеби гүнаҳлар өмириңди ўайран етеди.
Қуран тиләўат қыл, пикир жүрит ҳәмде Аллаҳты көп ҳәм ҳәр дайым зикир қыл.
Адамларға эҳсан қылыўға талықпа қәлбиң шадланады.
Артықша нәзер, қосық, еситиў, урыныў, жемек ҳәм уйқыны тәрк ет.
Пайдалы ислер менен бәнт бол, ғам-қайғыларды умытасаң.
Бүгиниң ҳаққында пикир жүрит, өтмишиң ҳәм көргенлериңди умыт.

Шайх Айз ал Қарный

➠ @MagzaniyshanUz
315 viewsedited  11:46
Ochish/sharhlash
2022-08-24 10:23:03 #Фатиҳа

1 - Фатиҳа сүреси,

Бисмиллаһир Роҳманир Рохиим
(1) әлхәмду лилләһи раббил ъаләмиин
(2) әрроҳманир роҳиим
(3) мәлики йәумид диин
(4) иййәкә нәъбуду уәиййәкә нәстәъиин
(5) иһдинәс сиротол мустәқиим
(6) сиротол ләз‌иинә әнъамтә ъаләйһим
(7) ғойрил мәғдууби ъаләйһим уәләд дооллиин


Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман)..
1. Барлық ҳамд* әлемлердиң  Рәббиси – Аллаҳтики,
2. (Ол –) Меҳрибан ҳәм Рейимли.
3. Ол – қыямет күниниң ийеси .
4. Тек Саған ғана сыйынамыз ҳәм тек Сеннен ғана жәрдем сораймыз.
5. Бизлерди туўры жолға басла.
6. Өзиң неъмат бергенлердиң жолына (басла),
7. ғәзепке ушырағанлардың жолына емес, адасқанлардикине де емес

➠ @MagzaniyshanUz
333 viewsedited  07:23
Ochish/sharhlash