Get Mystery Box with random crypto!

#Қоңырат Бүгин, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Респуб | KRuz.uz |Рәсмий канал

#Қоңырат

Бүгин, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, сенатор А.Данияров Қоңырат районындағы Жасларға тийисли мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын қадағалаўшы штаб ушын белгиленген орынды барып көрди ҳәм ол жердеги шәраятлар менен танысты.

-Бул штаб тек ғана қадағалаўшы емес, жаслар мүрәжатлерин қабыллаўы да керек. Қоңыраттағы бул штаб барлық қала ҳәм районлар ушын Қарақалпақстандағы үлгили штаб болыўы керек, - деди сенатор А.Данияров.

Билдирилген усыныстан соң, район орайындағы бул штабта пуқаралар мүрәжатлери де қабылланатуғын болды ҳәм барлық шәраятларға ийе штаб бүгин кешке шекем таяр ҳалға келтирилетуғын болды.

@jaslar_isleri_agentligi