Get Mystery Box with random crypto!

Салық органына есабатлар белгиленген муддетте тапсырылмаса, ба | KRuz.uz |Рәсмий канал

Салық органына есабатлар белгиленген муддетте тапсырылмаса, банктеги есап бетлери тоқтатып қойылады

Ҳурметли салық төлеўшилер, Нөкис қалалық Мәмлекетлик салық инспекциясы мәлим етип билдиреди.

Әпиўайыластырылған салық төлеўши юридикалық шахслар бойынша 2021-жыл 15-февраль куни төмендеги есабатларды тапсырыўдың ақырғы мүддети:

2020-жыл IV шерек айланбадан алынатуғын салық есабат;

2020-жыл декабрь айы физикалық шахслардан алынатуғын дарамат салығы;

2021-жыл январь айы физикалық шахслардан алынатуғын дарамат салығы;

2020-жыл юридик шахслардың мал-мүлк салығы есабаты. (расчет)

2020-жыл суў ресурсларынан пайдаланғанлық ушын салық есабаты. (расчет)

2020-жыл бухгалтериялық баланс есабаты (форма 1)
2020-жыл финанслық жуўмақ есабаты (форма 2)

Еслетпе! Өзбекистан Республикасы салық кодексиниң 111-статьясына тийкар салық органына финанслық ҳәм салық есабатын белгиленген муддетинде тапсырылмаса, салық органлары тәрепинен банктеги есап бетлери бойынша операциялар тоқтатып қойылыўын мәлим етип билдиремиз.

Өзбекистан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 175-статьясында салық есабатын өз ўақтында тапсырмағанлығы бойынша ҳәкимшилик жуўапкершилик шарасы қолланылыўы белгиленген.

Каналға ағза болыў: @KRuzuz