2023-04-28 19:04:22
Айырым ҳаял-қызларға жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўде усыныс бериледи
Министрлер Кабинетиниң 402-санлы қарары менен тастыйықланған критерияға тийкарланып,
Мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызларға жоқары оқыў орынларына кириўде мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў шеңбериндеги таңлаўда қатнасыў ушын усыныс бериледи.
Усыныс төмендеги өлшемлер тийкарында бериледи:
кем тәмийинленген шаңарақлардағы ҳаял-қызлар;
толық болмаған шаңарақларда тәрбияланып атырған, яғный, әкеси ямаса анасы яки олардың екеўи де дүньядан өткен социаллық қорғаўға мүтәж қызлар;
өмирлик жолдасы дүньядан өткен, ержетпеген перзентлерин жалғыз тәрбиялап атырған социаллық қорғаўға мүтәж ҳаяллар;
майыплығы болған перзенти бар мүтәж шаңараклардағы ҳаял-қызлар;
2 ҳәм оннан да көп перзентин тәрбиялап атырған, жақынларынан бөлек (ижарада) жасап атырған жалғыз ҳаяллардың қыз перзентлери;
ата-анасынан бири яки хәр екеўи де I яки II топар майыбы болған мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлар.
Усыныс алыў ушын қала ҳәм районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлерине электрон формада мүрәжат етиледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Telegram
Website
Instagram
Facebook
Twitter
529 views16:04