Get Mystery Box with random crypto!

Қутлы болсын туўылған күн. Қәне , достым, төрлерге шық, Алғыс | Kórgizbe qurallar

Қутлы болсын туўылған күн.

Қәне , достым, төрлерге шық,
Алғыслайық толып - тасып,
Саған сый, ҳүрмет уласып,
Урқан атсын шадлық бүгин,
Қуп жарасып шоқ - шоқ күлкиң.

Нақыраты :

Айналайын, бахтыңнан бир!
Күлип, ойнап дәўранды сүр,
Бүгин сениң байрамыңдур,
Шадлық пенен жуўылған күн,
Қутлы болсын туўылған күн.



Сен шырқырап туўылғанда,
Ай, жулдызлар қуўанғанда,
Аспан күлген алтын таңда,
Рахмет айтып анаңызға,
Меҳир толы панаңызға.

Нақыраты :

Айналайын, бахтыңнан бир!
Күлип, ойнап дәўранды сүр,
Бүгин сениң байрамыңдур,
Шадлық пенен жуўылған күн,
Қутлы болсын туўылған күн.



Қутлы болсын, қутлы болсын,
Әтирапың досларға толсын,
Көзлериң жадырап турсын,
Ғәнийметли демлериңде,
Хәр туўылған күнлериңде.

Нақыраты :

Айналайын, бахтыңнан бир!
Күлип, ойнап дәўранды сүр,
Бүгин сениң байрамыңдур,
Шадлық пенен жуўылған күн,
Қутлы болсын туўылған күн.



Туўысқанлар, дос - яранлар,
Сен деп келсе қәдирданлар,
Жүрегиңде күлкиң жаңлар,
Кеўлиңде гүл ғумша ашып,
Сезимлериң толып, тасып...


Нақыраты :

Айналайын, бахтыңнан бир!
Күлип, ойнап дәўранды сүр,
Бүгин сениң байрамыңдур,
Шадлық пенен жуўылған күн,
Қутлы болсын туўылған күн.



Көп тилеги қабыл болғай,
Несийбең тасқынлап толғай,
Ҳәмме аман жетип барғай,
Сондай туўған қәдир кунге,
Бөленип мың әтир гүлге.

Нақыраты :

Айналайын, бахтыңнан бир!
Күлип, ойнап дәўранды сүр,
Бүгин сениң байрамыңдур,
Шадлық пенен жуўылған күн,
Қутлы болсын туўылған күн.

Автор : Азат Даўшбаев.

@azatdawishbaev