Get Mystery Box with random crypto!

Туўған жерде атқан таң сулыў, Таңда оянған аспан сулыў Өз елим | Kórgizbe qurallar

Туўған жерде атқан таң сулыў,
Таңда оянған аспан сулыў
Өз елимде ҳәтте, тозаңғып,
Бурқып жатқан аппақ шаң сулыў.

Сулыў сенде өткен күнлерим,
Жулдыз санап жатқан түнлерим,
О, Туўған жер, өзиңнен артып,
Кететуғын жерди көрмедим.

Көрмедим бул кеўил қумарын,
Өзге журтта еркин турарын,
Қайда жүрсем, тартар да турар,
Жүрегимнен алып не барын.

Барын арнап жасасам сенде,
Буннан артық бахыт жоқ менде,
Куўанышың, кайғың да пүткил,
Тамырласып, қалды кеўлимде.

Кеўлимде бар сан - мын әндийше,
Бирақ олар сенсиз өзгеше,
Өзгеше сайрайды қуслар да,
Көлинен айрылса, ҳәмийше.

Ҳәмийше турса, зер қәпесте,
Бүлбилдиң ҳәм жүреги қәсте,
Қанатында ушпай сөнеди,
Сырлы сести кем - кемнен әсте.

Әсте ғана келер де, қулар,
Жайлаўынан айрылған ғунан,
Жанарынан жаслар тамшылап,
Өз үйирин сағынар мудам.

Мудам кайғы, ҳәсирет қапласа,
Бул айралық жанды жалмаса,
Гүл өмирден сәни кетеди,
Туўған жердиң дузы тартпаса.

Тартпаса, жаныңда жоқ жылыў,
Ҳеш бир қуяш бермес ысыныў,
Өйткени ол, ҳәр бир инсанға,
Өз елинде атқан таң сулыў.

А. Д.