Get Mystery Box with random crypto!

ЖАҚСЫЛЫҚТЫҢ БӘРИ БИЙПУЛ! Артық күш жумсамай бийпул жақсылық | Қарақалпақнамадан САЗА

ЖАҚСЫЛЫҚТЫҢ БӘРИ БИЙПУЛ!

Артық күш жумсамай бийпул жақсылық жасаўға болады: Жақсы нәрселерди ғана ойлаң. Жақсылық - тек жақсы ойлай алатуғынларға ғана үйирсек болады.

Күлимлеп жүриң. Бул ҳеш те қыйын емес. Өзиңиз де жақсы кеўил - кейпиятта жүресиз, өзгелерге де сол кейпиятты сыйлай аласыз.

Әрманлаң. Әрманлаўға ақша кетпейди. Ал, әрманлар орынлады!

Сәлемлесиң. Мейли, танымасаңыз да, ҳәттеки урысып қалған болсаңыз да сәлемлесе бериң. Қайырлы таң, күн тилең. Сиз ушын бәри қайырлы болады.

Билгениңизди басқаларға бөлисип үйрениң. Ҳақысыз, ақшасыз. Сизге де керекли мағлыўматлар керекли мәўритлерде бийтаныс адамлар тәрепинен бериледи.

Жақсы көриң. Ҳәр бир адамның тек жақсы жағын көриўге тырысың. Жақсы өмир сүресиз.

Кеширимли болың. Кешириўге де қәрежет жумсамайсыз. Есесине қандай байлыққа жетисетуғыныңыздың гүўасы боласыз.

Бул гөззал әлем тек ғана жақсылықтан, мухаббаттан, мийримнен жаралған.

канал:
https://t.me/karakalpaknama