Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақнамадан САЗА

Telegram kanalining logotibi karakalpaknama — Қарақалпақнамадан САЗА Қ
Telegram kanalining logotibi karakalpaknama — Қарақалпақнамадан САЗА
Kanal manzili: @karakalpaknama
Toifalar: Bloglar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 281
Kanalning ta’rifi

Ақылы кәмил, илими зор
Билимли ел болмайды қор. 📝БЕРДАҚ шайыр
Жеке раўажланыў, руўҳый ержетиў, ой - саналы тәрептен писип - жетилисиў инсаныйлық муқәддес ис.
Админ: Светлана Жәлменова
Канал иске түскен ўақыт: 2017-ж, 4-октябрь.

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

2

2 stars

1

1 stars

0


Oxirgi xabar

2021-01-26 11:43:23

Депрессиядан шығыўдың бир аңсат жолы бар: тап ҳәзир барың да бир жақсылық ислеп қайтың. Ең болмаса, кептерлерге яки таўықларға дән шашың - дәрҳал жеңил тартасыз.

* * *
Айырым адамлар актив ҳәрекет етип жасап атырмыз, деп ойлайды. Тийкарында, олардың турмысы бийпайда жүгир - жүгирден ибарат
.

канал: @karakalpaknama
222 viewsedited  08:43
Ochish/sharhlash
2021-01-25 21:18:10


Көпшилик қорқынышлардың тийкары - келешекке исенимсизликтен, жалғызлықтан пайда болатуғын жасырын қайғы.
- Адам қашан қорқыныш ҳәм уўайымға түседи?
- Өзлигинен бет бурған гезде. Яғный адамның айналасында барқулла оның периштелери, жети ата - бабаларынан кимдур болады. Бизлердиң жүрегимизде ар - намыс, ҳүждан деп аталатуғын Ана - Тәбияттың бирлемши күши де бар. Адам ҳешқашан жалғыз бола алмайды.

канал: @karakalpaknama
263 viewsedited  18:18
Ochish/sharhlash
2021-01-25 20:41:20


* * *
Кеширимли болыў менен кишипейиллик және жумсақлықтан несийбеси жоқлардың көркемлилик ҳәм жақсылықтан да несийбеси болмайды.

Муҳаммед (с.а.у) Муслим

* * *

Бос ўақыт ақшадан қымбат. Бирақ ақыллы адамға ақша бос ўақыт бере алады.

Омар Ҳайям

***
Пайғамбарымыз (с.а.у) шалған қурбанлығының үштен бирин - шаңарағына, үштен бирин - кәмбағал қоңсы қобаларына, қалған үштен бирин садақа ретинде тарататуғын еди.

Ибн Аббас (р.а)

***
Өлимнен басқаның бәрине асық.

Халық даналығы

***
Екиниң биринде әлемди өзгертиў әрманы бар. Бирақ ҳешким өзин өзи өзгертиўге мақсет етпейди.

Лев Толстой

*Өзиң өзгерсең Әлем өзгереди.

канал: @karakalpaknama
243 viewsedited  17:41
Ochish/sharhlash
2021-01-22 16:00:07
Жумысты 12 саат емес, бас пенен ислеў керек.

Стив Джобс

канал: @karakalpaknama
425 viewsedited  13:00
Ochish/sharhlash
2021-01-22 14:50:56
Қарапайым майда жәнликтиң ҳәрекети де пүткил дүньяның өзгериўине алып барады.

Никола Тесла

канал: @karakalpaknama
350 views11:50
Ochish/sharhlash
2021-01-15 15:02:37


Адамның көзи пүткил әлемди көре алады, бирақ өзин көрмейди.
Омар Ҳайям


* * *
Сеннен бахыт тапқан - сеники. Қалғанының бәри - қонақ.
Ж. Румий

* * *
Өли разы болмай, тири байымайды.

Халық даналығы.

* * *
Қозғалыс - барлық өмирдиң негизи.
Леонардо да Винчи

* * *
Бир кеўли ғамлыны шад етермен,
Ул ким, Каабаны абад етермен.

Шығыс данышпанлығынан

* * *
Ҳәр бир қыйыншылықтың түбиринде мүмкиншилик жасырынған.

Альберт Эйнштейн

канал: @karakalpaknama
536 views12:02
Ochish/sharhlash
2021-01-14 20:14:15

Арзыў, әрман етиў жақсы. Мақсет қойыў оннан да жақсы. Әрманлар, мақсетлер әлбетте орынланады!
Бирақ, қашан олар экологик таза болса ғана, пәк болса ғана. Таза әрман, пәк мақсет дегени - әтирап әлемге зияны тиймейтуғын, басқа биреўдиң қайғы - ғамына себепкер болмайтуғын, Ана Тәбият ҳәм Инсаният нызамларына қайшы келмейтуғын, болса ғана орынланады.
Сениң әрман-мақсетлериң өзиңе ҳәм басқаларға қайыры тийсе және әлем тиришилигине пайдалы болса онда сөзсиз орынланады!

канал: @karakalpaknama
404 views17:14
Ochish/sharhlash
2021-01-14 20:07:03
* * *
Бос арбаның даңғырлағаны көп.

* * *
Терең суў тыныш ағады.


Халық даналығы

канал: @karakalpaknama
341 views17:07
Ochish/sharhlash
2021-01-14 20:04:26
Сениң әлемиңниң таза ҳәм жарқын болыўы ушын, сен жүрегиңди айнадай таза усла.

Ж.Румий

канал: @karakalpaknama
338 viewsedited  17:04
Ochish/sharhlash
2021-01-13 12:58:28
ЖАҚСЫЛЫҚТЫҢ БӘРИ БИЙПУЛ!

Артық күш жумсамай бийпул жақсылық жасаўға болады: Жақсы нәрселерди ғана ойлаң. Жақсылық - тек жақсы ойлай алатуғынларға ғана үйирсек болады.

Күлимлеп жүриң. Бул ҳеш те қыйын емес. Өзиңиз де жақсы кеўил - кейпиятта жүресиз, өзгелерге де сол кейпиятты сыйлай аласыз.

Әрманлаң. Әрманлаўға ақша кетпейди. Ал, әрманлар орынлады!

Сәлемлесиң. Мейли, танымасаңыз да, ҳәттеки урысып қалған болсаңыз да сәлемлесе бериң. Қайырлы таң, күн тилең. Сиз ушын бәри қайырлы болады.

Билгениңизди басқаларға бөлисип үйрениң. Ҳақысыз, ақшасыз. Сизге де керекли мағлыўматлар керекли мәўритлерде бийтаныс адамлар тәрепинен бериледи.

Жақсы көриң. Ҳәр бир адамның тек жақсы жағын көриўге тырысың. Жақсы өмир сүресиз.

Кеширимли болың. Кешириўге де қәрежет жумсамайсыз. Есесине қандай байлыққа жетисетуғыныңыздың гүўасы боласыз.

Бул гөззал әлем тек ғана жақсылықтан, мухаббаттан, мийримнен жаралған.

канал:
https://t.me/karakalpaknama
509 viewsedited  09:58
Ochish/sharhlash