Get Mystery Box with random crypto!

Аномал суўық ўақтында электр енергиясында шеклеўлер болады Өз | Karakalpakinformuz

Аномал суўық ўақтында электр енергиясында шеклеўлер болады

Өзбекстанға Волга бойы аймақларындан суўық, ызғар ҳаўа массалары кирип келиўине қарамастан автомобиллерге газ толтырыў компрессор шақапшалары жумысына киргизилип атырған шеклеўлер даўам еттириледи.

Соның менен бирге, энергосистемада жүз бериўи мүмкин болған ири авариялардың алдын алыў мақсетинде жергиликли ҳәкимликлер менен келисилген ҳалда тастыйықланған графиклерге тийкар қысқа мүддетли шеклеўлер киргизиледи.

Буннан тысқары, ислеп шығарыў кәрханаларына тәбийий газ жеткерип бериў көлеми кескин азайыўы мүмкин.

Бул ҳаққында Энергетика министрлиги мағлыўмат бермекте.

➥ @KARAKALPAKINFORMUZ — Kún dawamında barlıq jańalıqlar!