Get Mystery Box with random crypto!

Karakalpakinformuz

Telegram kanalining logotibi karakalpakinformuz — Karakalpakinformuz K
Telegram kanalining logotibi karakalpakinformuz — Karakalpakinformuz
Kanal manzili: @karakalpakinformuz
Toifalar: Telegram
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 30
Kanalning ta’rifi

📍Қарақалпақстанда ҳәм Дүня жүзинде болып атырған жаңалықлар бойынша халыққа исенимли мағлыўмат беремиз.
📬Байланыс ушын: @Xabarshi_admin

Ratings & Reviews

3.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

1


Oxirgi xabar

2023-01-06 06:39:50
Өзбекстанға аномал суўық ҳаўа райы кирип келиўи себепли қысқы дем алыс 17-январьға шекем созылды

Оқыў 18-январь, сәршемби күни басланады

➥ @KARAKALPAKINFORMUZ — Kún dawamında barlıq jańalıqlar!
247 views03:39
Ochish/sharhlash
2023-01-05 22:13:05 Миймандур — Бақсы Ерисбай Асқаров

➥ @KARAKALPAKINFORMUZ — Kún dawamında barlıq jańalıqlar!
408 views19:13
Ochish/sharhlash
2023-01-05 21:46:49
Аномал суўық ўақтында электр енергиясында шеклеўлер болады

Өзбекстанға Волга бойы аймақларындан суўық, ызғар ҳаўа массалары кирип келиўине қарамастан автомобиллерге газ толтырыў компрессор шақапшалары жумысына киргизилип атырған шеклеўлер даўам еттириледи.

Соның менен бирге, энергосистемада жүз бериўи мүмкин болған ири авариялардың алдын алыў мақсетинде жергиликли ҳәкимликлер менен келисилген ҳалда тастыйықланған графиклерге тийкар қысқа мүддетли шеклеўлер киргизиледи.

Буннан тысқары, ислеп шығарыў кәрханаларына тәбийий газ жеткерип бериў көлеми кескин азайыўы мүмкин.

Бул ҳаққында Энергетика министрлиги мағлыўмат бермекте.

➥ @KARAKALPAKINFORMUZ — Kún dawamında barlıq jańalıqlar!
441 views18:46
Ochish/sharhlash
2023-01-05 21:43:17
Россия-Украина арасындағы урыс жуўмақланыўы күтилмекте

Путин қорғаныў министри Шойгуға 6-январь саат 12:00 ден 7-январь 24:00 ге шекем Украинадағы фронт сызық бойлап оқ атыўды тоқтатыўды буйырды.


➥ @KARAKALPAKINFORMUZ — Kún dawamında barlıq jańalıqlar!
422 views18:43
Ochish/sharhlash
2023-01-05 20:30:49
Қазақстан президенти Тоқаев Астана қаласындағы "хәзирет Султан" мешитине барып январь уақыяларында қайтыс болғанларды еслеп дуўа қылды.

➥ @KARAKALPAKINFORMUZ — Kún dawamında barlıq jańalıqlar!
486 views17:30
Ochish/sharhlash
2023-01-05 20:00:44
Төлем-контракт пулларын төлеў мүддети 20-январға шекем созылды

2022/2023-оқыў жылы ушын барлық студентлерге оқыўы ушын төлем пулын өткериў ҳәмде студентлер қатарына қабылланыўын рәсмийлестириўдиң соңғы мүддети 2023-жылдың 20-январы етип белгиленди.

➥ @KARAKALPAKINFORMUZ — Kún dawamında barlıq jańalıqlar!
499 views17:00
Ochish/sharhlash
2023-01-05 19:36:29
Кейинги хәпте аномал суўық ҳаўа райы бақланады

➥ @KARAKALPAKINFORMUZ — Kún dawamında barlıq jańalıqlar!
511 views16:36
Ochish/sharhlash
2023-01-05 19:01:09
Kinolarda ómirden alınıp túsirilgen boladı hátteki erteklerde haqıyqatqa tiykarlanıp alınadı.

Waqtıńızdıń mazmunlı hám kewilli ótiwine tileklespiz.

Kóriń hám Baha beriń.

Jaqınlarıńız benen bólisiwdi de umıtpań!

@KARAKALPAKINFORMUZ — Kún dawamında barlıq jańalıqlar!
512 views16:01
Ochish/sharhlash
2023-01-05 18:22:02 ЖӨНЕЛИССИЗ ТАКСИ ХЫЗМЕТИ УШЫН ЛИЦЕНЗИЯ АЛЫЎ ТӘРТИБИ

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлигиниң 2022-жыл 28-декабрь күнги Е-1318-санлы хатына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 7-майдағы "Автомобиль транспортында жолаўшылар тасыў хызметин тәртипке салыўды және де жеңиллестириў ис-иләжлары ҳаққында" ғы ПҚ-5108-санлы қарарында жолаўшы тасыўда пайдаланылатуғын автотранспорт қуралларының реңи ҳәм арнаўлы сериялы мәмлекетлик белгиси бойынша орнатылған әмелдеги талаплар 2023-жылдың 1-январь күнине шекем тоқтатып турыў белгиленген.

Усыған көре, Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 18-майдағы "Жөнелиссиз таксилер хызметин тәртипке салыў ис -иләжлары ҳаққында"ғы 139-санлы қарар талапларынан келип шыққан ҳалда, 2023-жыл 1-январдан баслап юридикалық шахслар тәрепинен жөнелиссиз таксилер лицензия карточкасын рәсмийлестириўде арнаўлы қарар талапларына әмел етиўиңизди сораймыз.

Жөнелиссиз такси хызмети менен шуғылланыўшы юридикалық шахслар 2023-жыл 1-январдан баслап төмендеги көрсетпелерге әмел етилиўи талап етиледи:
- автотранспорт қуралының төбесине орнатылған тоқ сары реңли фонорға "TAXI" таныў белгисин орнатыў;
- шахмат тәртибинде жайластырылған қара квадратлардан ибарат болған композиция ҳәм автотранспорт қуралының алдынғы есиклериндеги "Т" ҳәриби;
- автотранспорт қуралының алдыңғы есигиндеги юридикалық шахс-тасыўшының аты;
-жөнелиссиз таксилер ушын мөлшерленген арнаўлы сериядағы автотранспорт қуралының мәмлекетлик белгиси.

ҚР Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети

➥ @KARAKALPAKINFORMUZ — Kún dawamında barlıq jańalıqlar!
965 views15:22
Ochish/sharhlash
2023-01-05 18:20:17
Студентлер ушын авиа ҳәм темир жол билетлери бойынша мағлыўмат берилди

Студент-оқыўшылардың өз оқыў орынларына қайтыўына қолайлы шараят жаратыў мақсетинде авиа ҳәм темир жол билетлерине 50 процент муғдарындағы шегирмелер 2023-жылдың 18-январына шекем узайтырылды.

Ең тийкарғысы, 9 -январьға шекем сатып алынған авиа ҳәм темир жол билетлери бийпул алмастырып бериледи.

Дем алыс узайтырылыўы мүнәсибети менен авиа ҳәм темир жолларда қосымша рейслер ажыратылады.

Бул дәўирде белгиленген сабақ шынығыўлары оқыў жылы даўамында тығызластырылып оқытылады.

➥ @KARAKALPAKINFORMUZ — Kún dawamında barlıq jańalıqlar!
486 views15:20
Ochish/sharhlash