Get Mystery Box with random crypto!

ЖӨНЕЛИССИЗ ТАКСИ ХЫЗМЕТИ УШЫН ЛИЦЕНЗИЯ АЛЫЎ ТӘРТИБИ Өзбекстан | Karakalpakinformuz

ЖӨНЕЛИССИЗ ТАКСИ ХЫЗМЕТИ УШЫН ЛИЦЕНЗИЯ АЛЫЎ ТӘРТИБИ

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлигиниң 2022-жыл 28-декабрь күнги Е-1318-санлы хатына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 7-майдағы "Автомобиль транспортында жолаўшылар тасыў хызметин тәртипке салыўды және де жеңиллестириў ис-иләжлары ҳаққында" ғы ПҚ-5108-санлы қарарында жолаўшы тасыўда пайдаланылатуғын автотранспорт қуралларының реңи ҳәм арнаўлы сериялы мәмлекетлик белгиси бойынша орнатылған әмелдеги талаплар 2023-жылдың 1-январь күнине шекем тоқтатып турыў белгиленген.

Усыған көре, Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 18-майдағы "Жөнелиссиз таксилер хызметин тәртипке салыў ис -иләжлары ҳаққында"ғы 139-санлы қарар талапларынан келип шыққан ҳалда, 2023-жыл 1-январдан баслап юридикалық шахслар тәрепинен жөнелиссиз таксилер лицензия карточкасын рәсмийлестириўде арнаўлы қарар талапларына әмел етиўиңизди сораймыз.

Жөнелиссиз такси хызмети менен шуғылланыўшы юридикалық шахслар 2023-жыл 1-январдан баслап төмендеги көрсетпелерге әмел етилиўи талап етиледи:
- автотранспорт қуралының төбесине орнатылған тоқ сары реңли фонорға "TAXI" таныў белгисин орнатыў;
- шахмат тәртибинде жайластырылған қара квадратлардан ибарат болған композиция ҳәм автотранспорт қуралының алдынғы есиклериндеги "Т" ҳәриби;
- автотранспорт қуралының алдыңғы есигиндеги юридикалық шахс-тасыўшының аты;
-жөнелиссиз таксилер ушын мөлшерленген арнаўлы сериядағы автотранспорт қуралының мәмлекетлик белгиси.

ҚР Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети

➥ @KARAKALPAKINFORMUZ — Kún dawamında barlıq jańalıqlar!