2024-01-16 16:25:59
Исбилерменлик искерлигин баҳалаў бойынша жаӊа система енгизилмектеҲүрметли исбилерменлер!
Хабарыӊыз бар, тез арада исбилерменлердиӊ турақлылық рейтинги бойынша жаӊа система енгизиледи.
Яғный, исбилерменлердиң искерлиги 23 критерия ҳәм 4 категорияға ажратылып баҳаланады.
Бул арқалы ҳәр бир исбилермен өз орыны ҳәм баҳасын реал ўақытта билип барыўы мүмкин болады.
Рейтинги жоқары исбилерменлер ушын барлық салық тексериўлери бийкар етиледи. Қосылған қун салығы суммасы бир күнде ал, басқа салық түрлери бойынша артықша төлем үш күнде қайтарып бериледи.
Товарларды импорт етиўде ҳәм сатыўда қосылған қун салығын бажыхана ҳәм салық шөлкемлеринде өз-ара есапқа алыў мүмкиншилиги жаратылады.
Аукционда алынған мәмлекет активлери ҳәм жер участкалары суммасын бөлип төлеў мүддети 3 жылдан 5 жылға шекем узайтырылады.
Бунда кеминде 15 % муғдарында басланғыш төлемди әмелге асырғанда, қалған суммаға жыллық процентлер есапланбайды.
«Исбилерменлердиң турақлылық рейтинги» арқалы Республикамыздыӊ барлық исбилерменлери жоқары нәтийже кѳрсете алады деп исенемиз
Казбек Артыков !
Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы.
Каналға ағза болыў: @Kar24Uz
19.2K views13:25