Get Mystery Box with random crypto!

Жоқарғы Кеңес Баслығы фармацевтика тараўы ўәкиллери менен ушыр | Joqarǵi keńes.uz

Жоқарғы Кеңес Баслығы фармацевтика тараўы ўәкиллери менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздағы медицина тараўында исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырған тараў ўәкиллери, мәмлекетлик емес клиникалар басшылары, фармацевтика тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен ушырасты.

Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиз тәрепинен усы жылдың 8-август күни исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў бойынша 129-санлы тарийхый пәрман қабыл етилгенлигин, пәрман орынланыўын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстанда мәмлекетлик мүлк объектлерин инвестиция киргизиў миннетлемелери менен сатыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланғанлығын, буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы және бир тарийхый пәрманы менен бир қатар жеңилликлер ҳәм мүмкиншиликлер жаратылғанлығын айрықша атап өтти.

Өз нәўбетинде усы жаратып берилген имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, елимизде медицина тараўы бойынша хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, халқымыз ушын сапалы ҳәм арзан дәри-дәрмақ өнимлерин жеткерип берилиўин қадағалаў, ишки имканиятларымыздан келип шығып дәри өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойыў мәселелери сөз етилди.

Ушырасыўда сондай-ақ, тараў ўәкиллери болған исбилерменлер тәрепинен бир қатар пикир ҳәм усыныслар билдирилип, машқалалар атап өтилди.

Өз нәўбетинде барлық көтерилген мәселелер Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта шешимин табыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter