Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы басшылығынд | Joqarǵi keńes.uz

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы басшылығындағы делегацияның Қытай Халық Республикасына болған әмелий сапары даўам етип атыр

Сапар даўамында делегация ағзалары бир қанша ири компаниялар менен перспективалы шәртнамаларға қол қойды. Бул әлбетте елимиздиң раўажланыўы жолындағы әҳмийетли адымлардың бири болды.

Делегация ағзалары сапар даўамында ШУАР партия комитети секретары Ма Синжуй менен ушырасты.

Ушырасыўда ШУАР партия комитети секретары Ма Синжуй усы жылдын март айында мәмлекетимиз басшысы менен ушырасқанын, бүгинги күнде Өзбекстан социаллық-экономикалық жақтан жедел пәтте раўажланып атырғанын айрықша атап өтип, аймақлар арасындағы бирге ислесиўде бул раўажланыў оғада әҳмийетли екенине исеним билдирди.

Өз гезегинде Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Қытай регионымыздың екинши тийкарғы импорт етиўши мәмлекет болып, ең ири сыртқы саўда шеригине айланғанын атап өтти ҳәм жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ушын өзиниң миннетдаршылығын билдирди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter