Get Mystery Box with random crypto!

Бүгин Қарақалпақстан көркем өнер сарайында «Медицина хызметкер | Joqarǵi keńes.uz

Бүгин Қарақалпақстан көркем өнер сарайында «Медицина хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти

Байрам салтанатына Өзбекстан Республикасы Мәденият министри, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Халық артисти, Озодбек Назарбеков ҳәм елимиз сүйген сөз устасы Валижон Шамшиевлер қатнасты.

Өткерилген иләжда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, тараў пидайыларын бүгинги байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Өткен қысқа дәўир ишинде Президентимиз тәрепинен тараўға байланыслы бир қатар Пәрман ҳәм Қарарлар қабыл етилди. Заманагөй медициналық мәкемелер қурылды, тараўдың материаллық-техникалық базасы беккемленип, ең шетки аймақлардағы медицина мәкемелерин тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылды.

Болып өткен байрам салтанатында тараўда пидайылық пенен жемисли мийнет етип киятырған медицина тараўы хызметкерлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен сыйлықланды.
Байрам салтанаты көркем-өнер тараўы хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter