Get Mystery Box with random crypto!

ҚАРАҚАЛПАҚ БАЙТЕРЕКЛЕРИ

Telegram kanalining logotibi iyu_ayaziy — ҚАРАҚАЛПАҚ БАЙТЕРЕКЛЕРИ Қ
Telegram kanalining logotibi iyu_ayaziy — ҚАРАҚАЛПАҚ БАЙТЕРЕКЛЕРИ
Kanal manzili: @iyu_ayaziy
Toifalar: Taʼlim
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 1.66K
Kanalning ta’rifi

🌳СЕН БАЙТЕРЕК, МЕН СЕНИҢ БИР ШАҚАҢМАН!
Админ: Светлана Жәлменова Шамшырақ Сарқырама🌊
Байланыс: @bayterekler_bot
⚠Каналдан мағлыўмат алынса мәнзил көрсетилсин!
канал иске түскен ўақыт: 2017-жыл, 5-октябрь.

Ratings & Reviews

3.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


Oxirgi xabar 3

2022-08-02 17:00:13 Қызыўы кетип дослықтың,
Суўысып барар қатнасық.
Жүзлери күлип жылтырап,
Ишлери турар сотласып.
Ерме журттың сөзине,
Жулма гүлдиң жарпағын.
Бир яратқан өзиңе
Яр болсын, қарақалпағым.
«Алға бас, алға, алға!» деп,
Артымызға қайырды.
«Ақ алтын бер елге!» деп,
Теңизимизден айырды.
Қурырда байғус Аралдың
Дүньяға даңқы жайылды.
Бозторғайдай шырлатты
Шынын айтқан шайырды.
Тар жолға турсаң дус келип,
Дана бол, қарақалпағым.
Өзиңе өзиң күш берип,
Пана бол, қарақалпағым.

И. Юсупов 1991-ж ноябрьде жазылған "Беглигиңди бузба сен" қосығынан үзинди.
466 viewsedited  14:00
Ochish/sharhlash
2022-08-02 16:46:38 АРАЛ ЭЛЕГИЯЛАРЫ(нан)

Ҳәзир дәркар емес маған той-байрам,
Аўлақ жүрип қыял сүргим келеди.
Бул апат ислерден ақыллар ҳайран,
Себеплерин серлеп билгим келеди.

Тасыўдан аўыллар жаўраған гезде,
Бурын қурбан берген дәрья, теңизге.
Қайтып берер болса Аралды бизге,
Жанды қурбанлыққа бергим келеди.

Тубаласа иркип күшли ағысын,
Дәрьялар теңизге жете алмас екен,
Теңиз таслап өз мәңгилик жағысын,
Тәғдирине иләж ете алмас екен.

Балық ойнар шалқар суўдың тусында,
Теңиз алып кеткен балық, қусын да,
Адамның ең әззи жери усында:
Өз Ўатанын таслап кете алмас екен.

И. Юсупов
446 viewsedited  13:46
Ochish/sharhlash
2022-08-02 16:43:43
Арал теӊизи ҳаққында қысқаметражлы ҳүжжетли фильм ислеп шығылды

Уллы Британияныӊ саяхат тараўына арналған “Decouvrir la vie” онлайн платформасыныӊ дөретиўшилик топары тәрепинен “Mission: Find Aral” деп аталған Арал теӊизи ҳаққында қысқаметражлы ҳүжжетли фильм ислеп шығылды. Фильмде жергиликли турғынлар ҳәм тараў ўәқиллери өтмиште теӊиз бенен байланыслы болған өмири, соныӊ менен бирге бүгинги күнде теӊиздиӊ қурып кетиў ҳәм оныӊ ақыбетлери ҳаққында өзлериниӊ пикирлерин билдиреди.

Мағлыўмат сыпатында: 2020-жыл декабрь айында “Decouvrir la vie” дөретиўшилик топары Қарақалпақстан Республикасында рәсмий сапарда болды. Сапар даўамында шет елли ҒХҚ ўакиллери ушын Қарақалпақстан Республикасы туризмди раўажландырыў басқармасы тәрепинен пресс-тур шөлкемлестирилген еди.

Karakalpakstantravel

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
410 views13:43
Ochish/sharhlash
2022-08-01 11:57:00 Ана тилим

Ана тилим бабамнан мийрас едиң,
Жийен менен Бердаққа муңлас едиң.
Жәҳәнниң жүздей тилин меңгерсемде,
Мен сени ҳеш бирине қыймас едим!

Ана тилим мәңги жаса миллет пенен,
Тилге алсын халықлар сени ҳүрмет пенен.
Билмегенлер билип қойсын жер бетинде,
Бар екенин Қарақалпақ миллет деген!

Автор: Атабаев Қуўандық.
817 viewsedited  08:57
Ochish/sharhlash
2022-08-01 08:51:52 Ўатанласлар, ал оң болсын!
Аллам сүйиншилеткен жақсы жаңалықларыңды ел-халқыма қарақалпағыма буннан буяғына еселейгөр.
Ана тилимиз Қарақалпақ тили қосылған клавиатурадан ийгилигимизге жақсылығымызға, берекетимизге узағынан пайдаланыў бәршемизге несип еткей. Бул жаңалық ушын Аллаға шүкир, программистлерге айрықша рахмет.

PS: Бүгин мен усы қуўанғаным ушын бир қарақалпағыма музқаймақпаа, суўмаа- жегиси кеп турған затын әпеременай))
Енди усылайтип ҳәр қуўанғанымызда сөйтемен
625 viewsedited  05:51
Ochish/sharhlash
2022-08-01 08:44:46
819 views05:44
Ochish/sharhlash
2021-07-26 19:45:17 И.Ю - Аязий
Сизиң мазмунлы өмириңизге гөззал поэзия тилеймиз!

Қарақалпақ поэзиясының байтереги И. Юсупов (Аязий) каналы.
Канал иске түскен ўақыт: 2017-жыл, 5-октябрь.

Администратор: Светлана Жәлменова
Биз: @karakalpaknama
@KITAPXANA_Karakalpak_Life
https://t.me/qaraqalpaq_bayterekleri
429 views16:45
Ochish/sharhlash