Get Mystery Box with random crypto!

ҚАРАҚАЛПАҚ БАЙТЕРЕКЛЕРИ

Telegram kanalining logotibi iyu_ayaziy — ҚАРАҚАЛПАҚ БАЙТЕРЕКЛЕРИ Қ
Telegram kanalining logotibi iyu_ayaziy — ҚАРАҚАЛПАҚ БАЙТЕРЕКЛЕРИ
Kanal manzili: @iyu_ayaziy
Toifalar: Taʼlim
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 1.66K
Kanalning ta’rifi

🌳СЕН БАЙТЕРЕК, МЕН СЕНИҢ БИР ШАҚАҢМАН!
Админ: Светлана Жәлменова Шамшырақ Сарқырама🌊
Байланыс: @bayterekler_bot
⚠Каналдан мағлыўмат алынса мәнзил көрсетилсин!
канал иске түскен ўақыт: 2017-жыл, 5-октябрь.

Ratings & Reviews

3.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


Oxirgi xabar

2022-08-30 20:35:02
#Заковат_Қарақалпақ_сораў

Бул сораўды Қарақалпақстанлылар ортадағы журналист-блогерлерден де бурын бир дегенде таўып таслайды. Мен исенемен буған

(*Каналдағы матералларды канал линкин көрсетпей меншиклестирип алып кетип қойыўға руқсат бермедим. Аржағы инсабыңызға берсин.)

Халқымыздың саны көбейе бергей 10 миллионыншы 100 миллионыншы туўылған қарақалпақлардың атын усы Азамат атын қойыў дәстүрге айлана бергей!

канал: Қарақалпақ байтереклери
319 viewsЖемчужина Творца Sunshine, edited  17:35
Ochish/sharhlash
2022-08-28 13:55:54 #Қарақалпақ_ырғақлары

"Жигитлер" топары "Алты қыз" қосығы
Бердақ шайыр сөзине,
Халық намасына.

канал: Қарақалпақ байтереклери
410 viewsЖемчужина Творца Sunshine, edited  10:55
Ochish/sharhlash
2022-08-28 13:49:59
#миймандос_қарақалпақ

Бул АҚШтың Мичиган штатынан мийман Даниел Касе. Қарақалпақстанға келип, елимиздиң мәденияты, өнерментшилиги, турмыс тәризи, өзине тән өзгешелиги оны да таңландырған. Бәҳәрдиң нәзик-тәбиятлы ҳаўа райына қарамастан қарақалпақша ешек-арбаға минип көргиси, сейил еткиси келген. Миймандос қарақалпақлар да оның кеўлин қайтармай, жаўынның таза ҳаўасында "алты қыз минип арбаға" бирге айланған. Әлқысса, океан артынан келген Дәниелдиң әрманы орынланып мурад-мақсетине жеткен екен;)

* * *
Нағайбыл дуз тартып келсең булманға.
Есигимди қағып, тартынып турма,
Дүзиў нийет пенен еркин келе бер,
Кел, қонағым есик қақпай кире бер!

Үйге шақырыўсыз қонақ келгени.
Бул ҳәм азаматлық абырайың сениң!
Шақырмай келгени -
Зейни илгени
«Адам-адам ушын мийман» екенин...

Мениң де өзиңдей исим көп мүшкил.
Бир баста көп жумыс ирили - майдалы.
Лекин, қонақ күтиў-жумыс емес бул,
Бул мен ушын көркем өнер байрамы. (И. Юсупов)

канал: Қарақалпақ байтереклери
457 viewsЖемчужина Творца Sunshine, 10:49
Ochish/sharhlash
2022-08-28 10:37:52
#Қарақалпақша_сөзлик_қоры

БИЗИҢ АЎЫЛДЫҢ ҚЫЗЫНА.

Саған көлдиң ақ қуў қусын,
Мегзеткенин көп еситтим,
Тырналар өз отырысын,
Сеннен алған деп еситтим.

Әрўаналар боталағына,
Усатып көз көрисиңди,
Кийиклер өз ылағына,
Үйретермиш жүрисиңди.

И. Юсупов

*Қосық арқалы сөз үйрениў- "боталағына" сөзи арқалы "әрўана" сөзин таныймыз. Демек, әрўана-бул түйениң синоним аты ямаса боталағы бар ана түйе екен шамалаўымызша.
____
Әрўана айыр (еки) өркешли буўра менен нар түйеден пайда болған тухым. Айыр өркешли түйениң урғашысын-инген, нар түйениң урғашысын-мая, еркегин-үлек дейди. (Каналымыздың ағзасы Азамат мағлыўмат берди)

канал: Қарақалпақ байтереклери
404 views07:37
Ochish/sharhlash
2022-08-28 08:41:40 #Қарақалпақша_сөзлик_қоры
#Билгим_келеди
#Жуўап

Ушыға - бул мақпал, бархат, парша сыяқлы таўардың атамасы, тек олардан айырмашылығы ушыға бул өз заманында жоқары сапалы, оғада қымбат баҳалы, ҳәммениңде қурбы-қәрежети жете бермейтуғын гезлеме материал болған. Бул ҳаққында түсиндирме сөзлик ҳәм халық аўызеки дөретпелеринде де келтириледи: "Ушыға - жүннен исленген ҳасыл зат, гезлеме маўыты."(Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги 399-бет)
"Ушыға - қымбат гезлеме"(Қарақалпақ фольклоры, дәстанлардағы гейпара сөзлерге түсиниклер ҚЫРЫҚ ҚЫЗ дәстаны)
Ушыға - тегис, сапалы гезлеме болып бизиң шебер апаларымыз оны "Уллы жипек жолы" арқалы саўдагерлерден алдырған, баҳасы жүдә қымбат болған. Ушығаға  нағыслар анық, тынық, сулыў болып түскенликтен кестели кийимлер, жеңсе, жең-ушлар, шайқалта, жағаларды тигиўде пайдаланған. Мине, усындай затларды өлшеп пишкенде шет шебиринен аўысқан майда қыйындыларынан балаларға гүрте, шапан ҳәм сондай-ақ, қурғақ дән өнимлерин салып қоятуғын шанашларларға қурақ етип қолланған. Дым майда қыйындыларын да зая етпей тырнақтай көлемдегилерин де қасық табақ салатуғын кергилердиң шетлерине дизип тиккен. Мине,соның ушын халық арасында "ушығаның қыйқымындай" деген сөзлер сақланып қалған. - деп анықлама береди И. В. Савицкий атындағы музейдиң бас қәнигеси Айгүл апа Пирназарова. Демек, ушығаның жоқары баҳалылығына және бир себеп оған кестеленген нағыслар анық, шырайлы ҳәм жоқары сапалы болып түсирилгенлигинде.
Ушығаның қәдир - қымбаты тек ғана кийим-кеншек ҳәм  үй-руўзыгершилиги буйымларында сәўлеленип қалмастан ана тилимиз арқалы сөзге шешенлик, дилўарлықта руўхый әлемимизге де усылай сиңдирилген. Демек, қарақалпақша сөзлик қоры билимимизди және бир сөз бенен байыттық.

* * *
Бириңиз ушыға, бириңиз алмаз. (М. Жуманазарова)

* * *
Билимсиздиң сөзи қырға қайырлар,
Ябыға жол бермес қарабайырлар,
Ушығаның қыйқымындай қәстерли,
Сөз патшасы Ибрайымдай шайырлар,
Киндик қаны тамып туўылған жерде. (Гүлистан Дәўлетова)

* * *
Сиңдирип бойыма саздың сыйқырын,
Термелетип, ушығаның қыйқымын,
Қушағына елтип, шийрин уйқының,
Тыңлаған ҳәййиўим - қарақалпақша. (Ақшолпан Аманияз)

Таярлаған: Светлана Жәлменова

Сөзди изертлеўде белсенди қатнасқан бәрше заманласларға шексиз алғысымызды билдиремиз.

PS: Қарақалпақ тили жарлы емес. Сен усы тилди жақсы билмегениң ушын қарақалпақ тили айыплы емес.


Канал: Қарақалпақ байтереклери
787 viewsedited  05:41
Ochish/sharhlash
2022-08-28 08:38:47
канал: Қарақалпақ байтереклери
361 views05:38
Ochish/sharhlash
2022-08-27 16:45:23
#билгим_келеди
#қарақалпақша_сөзлик_қоры

Халқымызда "ушығаның қыйқымындай қәстерлеп сақлаў" деген астарлы сөз дизбеги бар. Оның мәниси: қәдирли, қымбат баҳалы, ҳасылдан қалған дегенди билдирсе керек.

Енди мениң билгим келгени УШЫҒА деген сөз нениң атамасы? Қымбат баҳалы тас па, таўар-материал ма ямаса басқабир таў-тәбият жынысы ма? Незат ол? Не ушын тап әйне (именно) сол УШЫҒАны алған?басқасын емес..
Усы ҳаққында билгенлериңиз бенен бөлисиң.

(*Лабиринт каналда көрип қалып ядыма түсти, бурында да ойлап жүр едим, соны жасүлкенлерден сорайнш деп)

канал: Қарақалпақ байтереклери
491 viewsedited  13:45
Ochish/sharhlash
2022-08-23 20:04:50
#Мәңгилик_муҳаббат
#Жубайлар_жарасымлылығы

Сулыўлар, шайырын қойсын кеширип,
Жүрек-исмлерин сызды, өширип.
Басқаларды "яр" дегеним өтирик,
Мениң ҳаялымнан жақсы ҳаял жоқ!

Халила Дәўлетназаров

канал: Қарақалпақ байтереклери
906 views17:04
Ochish/sharhlash
2022-08-23 13:00:07 #Қарақалпақ_ырғақлары

"Жигитлер" топары
Мәжнүнтал

Қосықтың сөзи ҳәм намасы авторлары кимлер, егер сизде бул ҳаққында мағлыўматлар болса комментарийде биз бенен бөлисиң. Күтемиз.

Сөзи: Улман Каримуллаева

канал: Қарақалпақ байтереклери
690 viewsedited  10:00
Ochish/sharhlash
2022-08-10 15:25:16 Сораў: Қандай китап оқыйық? Усыныс етиңсеш?

Жуўап: Өзим оқыған, сондай-ақ, маған да оқы деп усыныс етилген китапларды дизип жазайын

Жасыл (көк) реңдегилердиң үстин бассаңыз сол китапқа өзи апарады.

Қарақалпақша:

1. Қарақалпақ дәстаны трилогиясы (Маман бий әпсанасы, Бахытсызлар, Түсиниксизлер)
2. Ақдәрья романы
3. К. Султанов "Әжинияз" романы
4. Бердак, Әжинияз шығармалары
6. Күнхожа қосықлар топламы
7. Тилеўберген Жумамуратов, Кеңесбай Рахманов, Төлепберген Мәтмуратов, И.Юсупов, Гүлайша Есемуратова, Гүлистан Шамуратова сыяқлы шайырлар, жазыўшылардың китаплары
8. Шаўдырбай Сейтов шығармалары
9. "Душпан" романы, "Ақырет уйқысы", "Ҳаўа кемесиндеги екеў",
"Ашық болмаған ким бар" китаплары
10. Шыңғыс Айтматовтың "Қызыл шалғышлы дилбарым" шығармасы
11. "Қарақалпақлар" романы
12. С. Қаниязов "Алтын жағыс" мемуары
13. Әскербай Әжиниязов "Қосығыма сайылман", "Аманат"
14. Қаллы Айымбетов "Халық даналығы"
15. Камал Мамбетов "Бозатаў" поэмасы, гүрриңлери, повестлери
16. Минайхан Жуманазарова "Әжаға"
17. Айтбай Бекимбетов "Саҳрадағы жаңғырық", "Туўысқанлар"
18. С. Баҳадирова "Қарақалпақ қандай халық"

Өзбекше:
1. Сайд Ахмад "Уфқ"("Жийек") трилогиясы, "Жимжитлик" ("Жымжыртлық")романы
2. Өткир Ҳашимов "Еки есик арасы" шығармасы,
3. Әдил Яқубов "Улығбек ғәзийнеси"
4. Таҳир Малик "Шайтанат", "Өлилер сөйлемейди"

Дүнья әдебиятынан:
1. А. Дюма, Граф Монте Кристо
2. Э. Хэмингўей "Әлўидағ қурал" (сәл нелеў бирақ қызық)
3. Ҳалид Ҳусайний "Самал артынан жуўырып",
4. Элиф Шафақ "Ышқыға арналған 40 қағыйда"
5. А. Экзюпери "Кишкене шаҳзада" (қарақалпақ тилинде)
6. М. Шолохов "Ашылған тың" (қарақалпақ тилинде)

Биреўге көркем әдебият оқыған унайды, тағы биреўге детектив яки илимий-фантастика, ямаса ышқый-романтика муҳаббат темасы, қулласы Сиз де оқыған, унатқан китапларыңызды усыныс етиң, күтемиз.

Дизимди таярлаған: Светлана Жәлменова

https://t.me/+QsWfaucyifKiOcHj
519 viewsedited  12:25
Ochish/sharhlash