Get Mystery Box with random crypto!

#Қарақалпақша_сөзлик_қоры #Билгим_келеди #Жуўап Ушыға - бул м | ҚАРАҚАЛПАҚ БАЙТЕРЕКЛЕРИ

#Қарақалпақша_сөзлик_қоры
#Билгим_келеди
#Жуўап

Ушыға - бул мақпал, бархат, парша сыяқлы таўардың атамасы, тек олардан айырмашылығы ушыға бул өз заманында жоқары сапалы, оғада қымбат баҳалы, ҳәммениңде қурбы-қәрежети жете бермейтуғын гезлеме материал болған. Бул ҳаққында түсиндирме сөзлик ҳәм халық аўызеки дөретпелеринде де келтириледи: "Ушыға - жүннен исленген ҳасыл зат, гезлеме маўыты."(Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги 399-бет)
"Ушыға - қымбат гезлеме"(Қарақалпақ фольклоры, дәстанлардағы гейпара сөзлерге түсиниклер ҚЫРЫҚ ҚЫЗ дәстаны)
Ушыға - тегис, сапалы гезлеме болып бизиң шебер апаларымыз оны "Уллы жипек жолы" арқалы саўдагерлерден алдырған, баҳасы жүдә қымбат болған. Ушығаға  нағыслар анық, тынық, сулыў болып түскенликтен кестели кийимлер, жеңсе, жең-ушлар, шайқалта, жағаларды тигиўде пайдаланған. Мине, усындай затларды өлшеп пишкенде шет шебиринен аўысқан майда қыйындыларынан балаларға гүрте, шапан ҳәм сондай-ақ, қурғақ дән өнимлерин салып қоятуғын шанашларларға қурақ етип қолланған. Дым майда қыйындыларын да зая етпей тырнақтай көлемдегилерин де қасық табақ салатуғын кергилердиң шетлерине дизип тиккен. Мине,соның ушын халық арасында "ушығаның қыйқымындай" деген сөзлер сақланып қалған. - деп анықлама береди И. В. Савицкий атындағы музейдиң бас қәнигеси Айгүл апа Пирназарова. Демек, ушығаның жоқары баҳалылығына және бир себеп оған кестеленген нағыслар анық, шырайлы ҳәм жоқары сапалы болып түсирилгенлигинде.
Ушығаның қәдир - қымбаты тек ғана кийим-кеншек ҳәм  үй-руўзыгершилиги буйымларында сәўлеленип қалмастан ана тилимиз арқалы сөзге шешенлик, дилўарлықта руўхый әлемимизге де усылай сиңдирилген. Демек, қарақалпақша сөзлик қоры билимимизди және бир сөз бенен байыттық.

* * *
Бириңиз ушыға, бириңиз алмаз. (М. Жуманазарова)

* * *
Билимсиздиң сөзи қырға қайырлар,
Ябыға жол бермес қарабайырлар,
Ушығаның қыйқымындай қәстерли,
Сөз патшасы Ибрайымдай шайырлар,
Киндик қаны тамып туўылған жерде. (Гүлистан Дәўлетова)

* * *
Сиңдирип бойыма саздың сыйқырын,
Термелетип, ушығаның қыйқымын,
Қушағына елтип, шийрин уйқының,
Тыңлаған ҳәййиўим - қарақалпақша. (Ақшолпан Аманияз)

Таярлаған: Светлана Жәлменова

Сөзди изертлеўде белсенди қатнасқан бәрше заманласларға шексиз алғысымызды билдиремиз.

PS: Қарақалпақ тили жарлы емес. Сен усы тилди жақсы билмегениң ушын қарақалпақ тили айыплы емес.


Канал: Қарақалпақ байтереклери