Get Mystery Box with random crypto!

Сораў: Қандай китап оқыйық? Усыныс етиңсеш? Жуўап: Өзим оқыға | ҚАРАҚАЛПАҚ БАЙТЕРЕКЛЕРИ

Сораў: Қандай китап оқыйық? Усыныс етиңсеш?

Жуўап: Өзим оқыған, сондай-ақ, маған да оқы деп усыныс етилген китапларды дизип жазайын

Жасыл (көк) реңдегилердиң үстин бассаңыз сол китапқа өзи апарады.

Қарақалпақша:

1. Қарақалпақ дәстаны трилогиясы (Маман бий әпсанасы, Бахытсызлар, Түсиниксизлер)
2. Ақдәрья романы
3. К. Султанов "Әжинияз" романы
4. Бердак, Әжинияз шығармалары
6. Күнхожа қосықлар топламы
7. Тилеўберген Жумамуратов, Кеңесбай Рахманов, Төлепберген Мәтмуратов, И.Юсупов, Гүлайша Есемуратова, Гүлистан Шамуратова сыяқлы шайырлар, жазыўшылардың китаплары
8. Шаўдырбай Сейтов шығармалары
9. "Душпан" романы, "Ақырет уйқысы", "Ҳаўа кемесиндеги екеў",
"Ашық болмаған ким бар" китаплары
10. Шыңғыс Айтматовтың "Қызыл шалғышлы дилбарым" шығармасы
11. "Қарақалпақлар" романы
12. С. Қаниязов "Алтын жағыс" мемуары
13. Әскербай Әжиниязов "Қосығыма сайылман", "Аманат"
14. Қаллы Айымбетов "Халық даналығы"
15. Камал Мамбетов "Бозатаў" поэмасы, гүрриңлери, повестлери
16. Минайхан Жуманазарова "Әжаға"
17. Айтбай Бекимбетов "Саҳрадағы жаңғырық", "Туўысқанлар"
18. С. Баҳадирова "Қарақалпақ қандай халық"

Өзбекше:
1. Сайд Ахмад "Уфқ"("Жийек") трилогиясы, "Жимжитлик" ("Жымжыртлық")романы
2. Өткир Ҳашимов "Еки есик арасы" шығармасы,
3. Әдил Яқубов "Улығбек ғәзийнеси"
4. Таҳир Малик "Шайтанат", "Өлилер сөйлемейди"

Дүнья әдебиятынан:
1. А. Дюма, Граф Монте Кристо
2. Э. Хэмингўей "Әлўидағ қурал" (сәл нелеў бирақ қызық)
3. Ҳалид Ҳусайний "Самал артынан жуўырып",
4. Элиф Шафақ "Ышқыға арналған 40 қағыйда"
5. А. Экзюпери "Кишкене шаҳзада" (қарақалпақ тилинде)
6. М. Шолохов "Ашылған тың" (қарақалпақ тилинде)

Биреўге көркем әдебият оқыған унайды, тағы биреўге детектив яки илимий-фантастика, ямаса ышқый-романтика муҳаббат темасы, қулласы Сиз де оқыған, унатқан китапларыңызды усыныс етиң, күтемиз.

Дизимди таярлаған: Светлана Жәлменова

https://t.me/+QsWfaucyifKiOcHj