Get Mystery Box with random crypto!

БӘРИБИР........ Адамлар көбине мийримсиз, қатал, өзимшил бола | ҚАРАҚАЛПАҚ БАЙТЕРЕКЛЕРИ

БӘРИБИР........

Адамлар көбине мийримсиз, қатал, өзимшил болады. Бәрибир кеширимли бол! Сен қаншама мийримли, жақсы адам болсаң да, ҳарам пейил менен өзине керек болғаны ушын ғана ислеп жүрипти деп айыплайды. Сонда да мийирман, жақсы бола бер! Егер де сен жетискенликке жетип, табыслы болсаң жалған дослар менен нағыз шын жаўлар табасаң...Сонда да табыстан табысқа жетиўге асық! Өмир бақый еңбек етип ислеген нәрселериң менен дүньяңды бир түнде адамлар быт-шыт қылыўы мүмкин. Сонда да мийнет ет, излен де жаңа нәрселер жарата бер! Егер де сениң жаның тынышланып, жүрегиң бахытқа толы болса, адамлар қызғаныўы мүмкин...Сонда да бахытлы бола бил! Бүгинги ислеген жақсылығыңды адамлар ертең бәлким умытып кетер. Сонда да жақсылық ислей бериўден шаршама! Шамаң жеткенине қарай қаншама өзиңдеги бар жақсыны, нурды журтқа шаша берсең де, бәрибир ол адамларға аз болып турады! Сонда да барыңды бере бер!
Күнлерлиң күнинде сен усы ислериңниң барлығын адамлар ушын емес, Аллаға ғана арнап ислеп жүргениңди түсинесең...

Мать ТЕРЕЗА

канал: @karakalpaknama