Get Mystery Box with random crypto!

Абай ақыннан даналық сөзлер Қудайдан қорқ - бендеден уял: ба | ҚАРАҚАЛПАҚ БАЙТЕРЕКЛЕРИ

Абай ақыннан даналық сөзлер

Қудайдан қорқ - бендеден уял: балаң бала болсын десең, оқыт, мал аяма!
Аўрыўды жаратқан Қудай, бирақ аўыртқан Қудай емес.
Қайғысыздың бәри асаў.
Өлейин деп өлмейди өлеси жан.
Ырас пенен таласпа.
Бир жерде бирге жүрсең басын қосып,
Бириңниң бириң сөйле сөзин тосып.
Бир қайғыны ойласаң, жүз қайғыны қозғайды.
Жүректен қызық кеткенде, тәннен қуўат кетеди.
Муңласқан кеўилде кир қалмайды.
Малыңды жаўға, басыңды даўға салып қор қылма.
Сен асыққан екен деп, Алла әмирин өзгертпес.
Арланыў ақыллының иси.
Бенде өлмейди әрманнан.
Бир қылығың жағып күнде жақсы болмайсаң.
Сынық қанат гүбелек - ол да өмир излемек.

"Мен Абайды яддан билген халықпан"
И. Юсупов