Get Mystery Box with random crypto!

Ҳүрметли кәсиплеслер, Усы жылдың 1-ноябрь күни ҚҚР Ишки ислер | Geografiya tapsirmalar

Ҳүрметли кәсиплеслер,

Усы жылдың 1-ноябрь күни ҚҚР Ишки ислер министри Б.Тѳребеков университеттиң студент-жаслары ҳәм де тьюторлары менен ушырасыў ѳткерген еди.
Ушырасыўда студентлер тәрепинен министрге Қарақалпақстандағы дыққатқа ылайықлы естеликлер ҳәм де зыярат орынларына саяхатлар шѳлкемлестирип бериўде әмелий жәрдем сорап, усыныслар билдирилди.
Жоқарыдағы мәселени министрдиң қоллап-қуўатлаўы менен усы жылдың 10-декабрь сәнесинде “Кеширмес баба” ҳәм “Султан Ўайс” зыярат орынларына ҳәм де “Қаратаў” менен “Шылпық” тарийхый естеликлерине саяхат шѳлкемлестириў режелестирилмекте.
Усы мүнәсибет пенен қосымшадағы файлдағы үлги тийкарында усы жылдың 7-декабрь сәнесине шекем дизимди қәлиплестириўиңизди ҳәм университеттиң руўхыйлық бѳлимине жеткерип бериўиңизди сораймыз.

Еслетпе: Саяхат бир күн (10.12.2022ж (шемби)) даўам етеди. Министрлик тәрепинен 2 автобус пенен тәмийинлеў белгиленген. Университет бойынша жәми 100 адам қатнасыўы режелестирилмекте. Саяхатшылар ҳәр бир факультеттен 6 адамнан асып кетпеўи тийис. Олар 1 тьютор, 1 нәгиран студент, 1 белсенди студент, 1 кем тәмийинленген (Темир, Ҳаллар, Жаслар, Меҳир дәптерине кирген шаңарақ перзентлери) ҳәм де 2 ўәлаяттан келип оқып атырған студентлер болыўына итибар қаратыўыңызды усыныс етемиз.

Саяхатшылар ҳаўа райына қарап кийинип шығыўына, ѳзлерине керекли болған дәри-дәрманларын, азық-аўқатлық ѳнимлерин ҳәм де ишимлик суўларын ѳзлери менен алып шығыўын еслетиўиңизди сораймыз.

Хабарды алғанлар белгисин қалдырың!